Instagram социаллық тармағы жеке хабарлары адамның ғәзебин келтиретуғын анықланған пайдаланыўшыларды өмирликке блоклайды. Бул ҳаққында социаллық тармақ блогында хабар берилмекте.

«Сондай-ақ, биз хабар алмасыўдағы шеклеўлерге әмел етпеген ҳәм тек ғана кемситиўши хабарларды жибериў ушын жаратылған аккаунтларды өширип таслаймыз», делинеди хабарда.

Бул жаңалық Уллы Британиядағы жағдай менен байланыслы. Ойында жеңилгеннен кейин футболшылар Instagram тармағында расалық кемситиўге ушыраған.

Мағлыўмат ушын, Instagram социаллық тармағы коронавирус ҳаққындағы жалған билдириўлери себепли АҚШ президенти Джон Кеннединиң жиени Роберт Кеннединиң аккаунтын өширип таслаған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги