2021-жылдың 1-мартынан баслап Баҳрайн Патшалығы, Қатар, Кувейт, Оман Патшалығы ҳәм Қытай Халық Республикасы, соның ишинде ҚХРдың Гонконг ҳәм Макао арнаўлы ҳәкимшилик аймақларының пуқаралары ушын визасыз режим жолға қойылады.

Бунда усы мәмлекетлердиң пуқаралары Өзбекстан Республикасының аймағына кирген күннен баслап 10 күнлик мүддетке өзиниң ямаса үшинши мәмлекетке ушыў авиабилетин усыныўы керек болады. Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2021-жыл февраль айындағы «Өзбекстан Республикасында ишки ҳәм зыярат туризмин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы  Пәрманында  усы ҳаққында мәлим етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги