Бүгин, 15-февраль күни Аўғанстандағы әскерий ҳәрекетлердиң жуўмақланғанына 32 жыл толыўы мүнәсибети менен республикамыздың барлық орынларында байрам илажлары өткерилмекте.

Мине, усындай байрам илажы Кегейли районында да болып өтти. Илажды  район ҳәкими Д.Утемуратов қутлықлаў сөзи менен ашып берди. Өткерилген кешеде Аўғанстандағы әскерий ҳәрекетлерде белсене қатнасқан жерлеслеримиз ушын байрам дастурханы жайылып, оларға көкирек белгилери тапсырылды.

Сондай-ақ, илаж даўамында район ҳәкими майыплығы болған жаўынгер-ветеранлар ҳәм олардың шаңарақларының ҳал-жағдайынан хабар  алды.

 

Мағлыўмат ушын, 1979-1989-жыллар аралығында Аўғанстан аймағында болып  өткен әскерий ҳәрекетлерде 3580 ер-азаматымыз қырағылық пенен қатнасып, олардан 89 жаўынгер өз әскерий миннетин өтеў ўақтында қайтыс болған.

Бундай илажлар арқалы жерлеслеримиздиң батырлығын қәдирлеп, олардың көпке өрнек боларлық исин кейинги әўладларға жеткериў мақсет етилген, деп хабар берди Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.