Мойнақ районындағы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектеби бүгинги күни тек усы аймақта емес, ал республикамыздағы ең үлгили мектеплердиң бири болып табылады.

Ҳәзирги күнлери қарақалпақ ҳәм қазақ тиллеринде заман талабына сай 408 оқыўшы тәлим алып атырған мектептиң «Ең китапқумар мектеп» таңлаўында республикамызда 2-орынды ийелеўи ҳәм 11-класс питкериўшилериниң 50 процентиниң жоқары оқыў орынларына кириўи жоқарыда айтып өткен сөзимиздиң айқын дәлийли болып табылады.

 

 

-2018-2019-оқыў жылында оқыў  имаратына 3 миллиард 826 миллион сумлық реконструкция жумыслары жүргизилди,-дейди мектеп директоры Улбазар Урынбаева.-Мектебимизде оқыўшылардың билимге болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде  «Сабақ муқаддес»  ис-илажы тийкарында муғаллимлеримиз ҳәр бир сабақты көргизбели оқыў қуралларынан, лабораториялық әсбап-үскенелер ҳәм мәлимлеме технологияларынан  пайдаланып өтип келмекте. Соның ишинде 2 комьпютер класымыз  «ZIYONET»  тармағына жалғанған. Усындай кең имканиятлардан нәтийжели пайдаланып киятырған оқыўшыларымыз пәнлер олимпиадасы ҳәм ҳәр қыйлы таңлаўларға белсене қатнасып жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте.

Атап айтқанда пәнлер олимпиадасының районлық басқышында 10 оқыўшымыз жеңимпаз атанып, республикалық басқышқа қатнасып қайтқан болса, «Камалак юлдузлари» балалар фестивалында 2-класс оқыўшымыз  Сабрина Ақылбекова республикада сыйлы орынды ийелеўе миясар болды.

 

 

Шынында да, мектептеги  оқыўшы ҳәм муғаллимлер ушын жаратылған қолайлы шараят мектеп жәмәәтиниң усындай үлкен табысларды қолға киргизиўине тийкар болып хызмет етпекте.

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан агентлиги хабар