Қарақалпастан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2016-жыл 5-июльдеги 224-санлы қарары менен Қарақалпақ тилиниң тийкарғы имла қағыйдаларына айырым өзгерислер киргизилген еди. Соның нәтийжесинде, илимпазлар Ш.Абдиназимов, М.Дәўлетов ҳәм А.Альниязовлардың таярлаўында 2016-жылы “Билим” баспасынан “Қарақалпақ тилиниң имла қағыйдаларының жыйнағы”, ал 2017-жылы Ш.Абдиназимов, М.Дәўлетов ҳәм А.Дәўлетовалардың таярлаўында “Билим” баспасында “Қарақалпақ тилиниң имла сөзлиги” баспадан шықты. Соңғы имла сөзлик 22 баспа табақ көлеминде болып, 20 мыңнан аслам сөз берилген еди.

Жақында ғана Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарары менен “Билим” баспасынан илимпазлар Ш.Абдиназимов ҳәм М.Дәўлетовлардың таярлаўында 35 баспа табақ көлеминдеги қарақалпақ тилиниң толықтырылған имла сөзлиги баспадан шықты Бул сөзликте 32 мыңнан аслам сөз берилген.

Сөзликке тийкарынан, ҳәзирги қарақалпақ әдебий тилинде жийи қолланылатуғын түпкиликли сөзлер, рус ҳәм европа тиллеринен өзлесип, ҳәзирги тилимизде кең қолланылатуғын сөзлер, жәмийетлик өзгерислерге байланыслы гейпара гөнерген сөзлер де киргизилген.

Улыўма алғанда, жаңадан толықтырылып баспадан шыққан “Қарақалпақ тилиниң орфографиялық сөзлиги” латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбеси ҳәм имласын әмелий иске асырыў бойынша қабыл етилген нызам, қарарларға тийкарланып дүзилген. Қарақалпақ тилинде дурыс жазыўда бул сөзлик нәтийжели қолланылатуғын китап болады деп исенемиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги