Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 2-февральдағы «Салы жетистириўди буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары республикамызда салы жетистириў, сақлаў, қайта ислеўдиң үзликсиз ҳәм нәтийжели системасын жетилистириў, ишки тутыныў базарын гүриш өнимлери менен турақлы тәмийинлеў ҳәм экспорт потенциалын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе болды.

Қарарда атап өтилгениндей, бүгинги күнде барған сайын күшейип баратырған суў жетиспеўшилиги, халықтың өсиўи және басқа да инсан тәсири менен байлыныслы факторлар суўды көп пайдаланатуғын егинлерди жетистириўге суўды унемлейтуғын технологияларды енгизиўди талап етпекте,-дейди Дән ҳәм салы илимий-өндирислик бирлеспесиниң директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы Дүйсенбай Утамбетов.-Республикамыз шараятында кейинги глобал ықлымның өзгериўи нәтийжесинде  турақлы рәўиште бақланып атырған суў там-тарыслығы ҳәм ишки ирригация тармақларының көпшилик бөлеги жарамсыз жағдайға келгенлигинен салыгершиликке бейимлестирилген 123 мың гектардан аслам жердиң мелиоративлик жағдайы жаманласып, пайдаланыўдан шығып қалмақта.

 

 

Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикамыз аймағында ирригация тармақларын реконструкциялаў жумысларын орынлаў ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў арқалы айланыстан шығып кеткен жерлерди басқышпа-басқыш өндириске қайта енгизиў илажлары әмелге асырылады. Селекция илиминиң усыллары ҳәм жетискенликлеринен нәтийжели пайдаланып, жаңа өнимдарлы, тез писер, суўды аз талап ететуғын, бизиң қолайсыз ықлым шараятымызға шыдамлы сортларды жаратыў, олардың сортлық ҳәм өнимдарлық қәсийетлерин сақлағын ҳалда жедел көбейтиў ушын бирлемши туқымгершилигин шөлкемлестириў керек. Бунда туқымлық материалларды орып алыў, тазалаў ҳәм сақлаў жумысларын заманагөй техникалық үскенелер ҳәм лаборатория әнжамлары менен тәмийинлеў керек болады.

 

 

Республикамыздың шараятында жетистирилип атырған аўыл хожалығы егинлериниң өнимдарлығын таллап көргенимизде, ең өнимдарлысы салы болып табылады. Оны гектарына 80-100 центнерге жеткериў имканияты бар. Салы суўды көп талап ететуғын егин болғанлығы себепли аймағымыздың шорланған топырағында да егиўге жарамлы. Узақ жыллар даўамында салы егиў ушын өзлестирилген инженерлик типтеги жерлерде  ири оңлаў жумыслары исленбегенлиги, олардан ақылға уғырас пайдаланбағанлығы ақыбетинде жерлер натегис жағдайға келип, топырақтың тәбийғый ҳәм оннан алынатуғын салының өнимдарлығы төменлеп кетпекте.

Салыгершиликте жер ҳәм суў ресурсларынан дурыс пайдаланыўда инновациялық ҳәм ресурс үнемлеўши технологияларды қолланып, экспортқа жарамлы, дүнья базарында өтимли гүриш жетистириў бойынша шешимин күтип турған машқалалар ҳәм оларды сапластырыў бойынша өз пикиримди билдирип өтпекшимен.

Республикамызда тамтарыс болған суўды үнемлеў ушын салыгершиликке қәнигелестирилген кластерлер ҳәм фермер хожалықлары атызларын лазер жәрдеминде ±5 сантиметр стандарт нормаға келтирген ҳалда тегислеп, оның конфигурациясын туўрылап, ишки салма ҳәм коллектор дренажлар тармағын орнатып, суўды өлшеп бериўди шөлкемлестириў керек. Сондай-ақ, кеселлик инфекцияларын ҳәм зыянлы жәнликлерди жоқ етиў мақсетинде дала мәдениятын сақлап, жабайы шөплерден (қамыс, боян ҳәм жантақ) тазаланып, санитарлық нормада услап турыўды тәмийинлеў керрек. Себеби, жап-салма ҳәм шеллерде жабайы шөплер жәнликлердиң сақланатуғын орнына айланып болған.  Аўыл хожалығы егинлерин қорғаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде үлкен ҳәм кишкене каналларды енине қысқартып, суўдың ағыў тезлигин арттырыў ушын оларды басқышпа-басқыш бетонлап шығыў керек болады.

 

 

Салы майданларының топырақ өнимдарлығын арттырыў, суўды үнемлеп пайдаланыў арқалы елимизде азық-аўқат тәмийнатының турақлылығына ерисиў ушын, жаңа өнимдарлы (узын гүришли) жүдә тез писер ҳәм тез писер сортларды жаратыў ҳәм олардың бирлемши туқымгершилигин жолға қойып, тез көбейтиў арқалы олардың үстинлигинен нәтийжели пайдаланыў керек.  Республикамыздың шараятында  ирригация ҳәм мелиорация илажларын әмелге асырыў ушын көп муғдарда қаржы талап етиледи. Соның ушын тиккелей инвестицияларды мәмлекетлик ҳәм жеке меншик шериклик шәртнамалары тийкарында тартқан ҳалда олардан ақылға уғрас пайдаланыў керек.

 

 

Әлбетте, жоқарыдағы қарар тийкарында елимизде 2021-2022-жылларға мөлшерленген комплексли илажлар бағдарламасының қабыл етилиўи, туқым, минерал төгин, суў ҳәм басқа да ресурсларды үнемлейтуғын технологиялардың кеңнен енгизилиўи,  республикамызда Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалы және Вьетнам миллий аўыл хожалығы университети менен салыгершилик бағдарында қоспа факультеттиң шөлкемлестирилиўи салы жетистириўде жүзеге келген машқалаларды сапластырыўға, халқымызды арзан ҳәм сапалы гүриш пенен тәмийинлеўге хызмет етди.

 

Жазып алған Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.