Усы жыл 8-февраль күни Ташкент қаласында белсенди пуқаралардың улыўма миллий фестивалына старт берилип, бес күн даўамында өткерилетуғын фестивальға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралық жәмийети институтлары, министрликлер менен мәкемелер, жергиликли ҳәкимият уйымлары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллеринен ибарат еки мыңнан аслам адамның қатнасыўы  режелестирилмекте.

Фестиваль «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң басламасы тийкарында Әдиллик министрлиги менен биргеликте АҚШтың Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID), Европа аўқамының Өзбекстандағы делегациясы, Қазақстанның пуқаралық жәмийетин раўажландырыў ассоциациясы (ARGO) ҳәм бир қатар бирге ислесиўшилердиң жәрдеминде шөлкемлестирилмекте.

Фестиваль бағдарламасынан 20ға шамалас ҳәр қыйлы форматтағы илажлар, соның ишинде, әнжуманлар, додалаўлар, презентациялар, мастер каласслар орын алған. Илаж барысында «Президент Мүрәжаты –    Өзбекстанда пуқаралық жәмийетин раўажландырыўдың жаңа басқышы» халықаралық конференциясы, Жәмийетлик кеңеслердиң форумы, Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер мектеби ҳәм Коррупцияға қарсы лабораториялардың презентациялары, «Арамыздағы қаҳарманлар» жойбары шеңберинде сыйлықлаў мәресими болып өтеди.

Илажлар онлайн тәризде алып барылады.

 

 

Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикалық басқармасында фестиваль шеңберинде онлайн тәризинде дөгерек сәўбети өткерилди.

Дөгерек сәўбетин «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов алып барды.

«Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекетиниң баслығы Б.Бекмуродов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Экология ҳәм Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары Ж.Казбеков, Сенаттың Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары Б.Мәтмуратов, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы  халықаралық инновация орайының  директоры Н.Мырзамуратов, БМШтың раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкилиниң орынбасары Доина Мунтиану, «Экомектеп» МЕКЕШ баслығы Наталия Шивалдова, «Логос» МЕКЕШ баслығы С.Сангинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, фестиваль шеңберинде өткерилип атырған илажлардың әҳмийети, Арал теңизи аймағының экологиялық машқалаларын шешиўде мәмлекетли емес коммерциялық емес шөлкемлердиң роли үлкен екенлигин атап өтти.

 

 

Атап өтилгениндей, Президентимиз бир неше мәрте БМШ Бас Ассамблеясында Арал теңизи машқаласын дүнья жүзилик машқала деп көтерип шыққанлығы себепли, үш жылдан берли қурыған теңиз ултанларында тоғайлықлар пайда болып, айырым жоғалып кеткен ҳайўанлар, қуслар, өсимликлердиң түрлери қайта тикленбекте. Регионда үлкен қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

Пуқаралық жәмийети институтларының ролин аңлаған ҳалда, мәмлекет тәрепинен оларды мақсетли түрде қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў механизмлери енгизилмекте. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тараўындағы нызамшылық сезилерли дәрежеде либералластырылмақта. Жәмийетлик шөлкемлердиң жумысларын шеклейтуғын тосықлар алып тасланбақта.

Соңғы үш жылда пуқаралық жәмийети институтларына ажыратылатуғын субсидиялар ҳәм грантлардың муғдары еки есеге артты. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң сырт ел грантларын алыўы ҳәм оннан пайдаланыўына байланыслы бир қатар тосықлар бийкар етилип, барлық қарарларды, соның ишинде, нызамлар, пәрманлар ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди тек ғана жәмийетлик додалаўдан кейин қабыл етиў әмелияты жолға қойылды.

Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжатында еркин пуқаралық жәмийетин раўажландырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў даўам ететуғынлығы атап өтилген еди. Пуқаралық жәмийети институтлары реформалар барысының тийкарғы қатнасыўшысына айланады. Атап айтқанда, социаллық буйыртпа тийкарында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер аймақлардағы ҳақыйқый көринисти анықлаў, ҳәр қыйлы дәрежедеги машқалаларды терең талқылаў, шешимин табыў ҳәм жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеў бойынша усынысларды таярлаўға тартылады. Бунда, биринши гезекте, билимлендириў, мәденият, медицина, экология, қурылыс, кадастр, транспорт, коммуналлық хызметлер, бәнтлик, социаллық хызметлер сыяқлы тараўларға итибар қаратылады.  Усы мақсетлер ушын 2021-жылда мәмлекетлик бюджеттен 60 миллиард сум ажыратылыўы режелестирилген, бул 2019-жылға салыстырғанда еки есеге көп.

 

 

Белсенди пуқаралардың улыўма миллий фестивалы реформалар барысының барлық қатнасыўшылары ушын конструктивлик қатнасық майданы болып, олардың ҳәрекетлерин бирлестириўге, Өзбекстанда пуқаралық жәмийетин буннан былай да раўажландырыў бойынша усынысларды ислеп шығыўға хызмет етеди.

Фестивальды өткериўден мақсет – Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжатында көрсетилген, белгиленген ең әҳмийетли ўазыйпалардың ҳәм алға қойылған басламалардың мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў, социаллық шериклик ҳәм жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығыўдан ибарат.

Дөгерек сәўбетинде экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы машқалаларды шешиў, экологиялық мәдениятты арттырыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, сондай-ақ, Арал теңизи аймағындағы инвестициялар  бойынша пикир-усыныслар билдирилди ҳәм бул бағдарда бирге ислесиў бойынша келисип алынды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.