ШАХМАТ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 14-январьдағы «Шахматты және де раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў ҳәм шахматшыларды таярлаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы  қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Партияның Елликқала районлық Кеңесиниң басламасы менен мәпдар шөлкемлердиң қатнасында «Биз ерк-ықрарлы шаңарақлармыз» сүрени астында мектеп оқыўшылары арасында шахмат-шашка бойынша жарыс болып өтти.

Жарыстың ашылыў мәресиминде атап өтилгениндей, мәмлекетимизде шахматты халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм оны ғалабалық спорт түрине айландырыў, өсип киятырған жас әўладтың интеллектуаллық ҳәм мәдений раўажланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта. Бунда елимиз басшысының жоқарыда атап өтилген қарары айрықша әҳмийетке ийе. Илажды өткериўден мақсет, балалар ҳәм жас өспиримлердиң шахмат пенен шуғылланыўына  қызығыўшылығын арттырыў, оны  ғалаба ен жайдырыў болып табылады.

Жарыс ҳақыйқатында да, спорттың бул түрине қызығыўшы жаслардың көп екенлигин көрсетти. Райондағы 22-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып өткен жарыстың биринши басқышында жүзден аслам оқыўшы қатнасқан болса, соннан 42 оқыўшы кейинги басқышқа жоллама алды. Олардың арасынан ең күшлилери жеңимпазлықты қолға киргизди.

Жеңимпаз оқыўшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.