Социаллық тармақларда Өзбекстан пуқараларының ўақытша жумыс ислеўи ушын Россия аймағына кириўге рухсатнама алып бериў бойынша хызметлер усыныс етилмекте.

 

Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң хабар бериўинше, сырт ел пуқараларының Россияға кириўи бойынша Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң 2020-жыл 16-марттағы N635-p-санлы «Россия Федерациясына сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған адамлардың кириўин ўақытша шеклеў және визалар менен мирәтнамаларды бериўди ўақытша тоқтатып турыў ҳаққында»ғы бийлиги тийкарында бирнеше шеклеўлер енгизилген.

 

Бул бийлик ҳәзирги ўақытқа шекем әмелде болып, жерлеслеримиздиң индивидуал тәризде ўақытша жумыс ислеў мақсетинде Россия аймағына кириўине рухсат жоқ. Тек ғана Россия Ҳүкиметиниң коронавирусқа қарсы штабы тәрепинен шегара хызметлерине усынылып атырған дизим тийкарында жумысқа жиберилип атырған адамлар усы мәмлекетке киргизилмекте.

 

Социаллық тармақларда пайда болған сырт ел пуқарасының ўақытша жумыс ислеўи ушын Россия аймағына кириў ҳуқықын беретуғын рухсатнаманың усы формасы виза талап етилетуғын мәмлекетлердиң пуқараларына бериледи. ҒМДА, соның ишинде, Өзбекстан пуқаралары ушын болса рухсатнаманың бул түри енгизилмейди.

Агентлик пуқараларға Россия Федерациясы аймағына алып кирип қойыў хызметлерин усыныс етип атырған адамларға исенбеўди ҳәм ҳәр қыйлы жоллар арқалы усы мәмлекетке нызамға қайшы тәризде кирип барыўға ҳәрекет етпеўди усыныс еткен.

 

Россияда жумыс ислеў мақсетинде усы мәмлекетке барыў тәртиби ҳаққында мағлыўматларды алыў ушын пуқаралар Сыртқы мийнет миграциясы агентлигине мүрәжат етиўи мүмкинлиги қосымша етилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.