Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басламасы менен республикамыздың орайынан 450 километр узақта жайласқан Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасыў болып өтти.

«МХО-Мәҳәлле-Пуқара» принципи тийкарында шөлкемлестирилген илажда районлық мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәм ПҲАЖ бөлиминиң қәнигелери қатнасты.

Ушырасыўда Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы  К.Артықов шығып сөйлеп, өткерилип атырған илаждың мақсет ҳәм ўазыйпаларына тоқтап тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей,  3265 халық жасап атырған бул аймақта Президентимиздиң басламасы менен айтарлықтай қурылыс және абаданластырыў жумыслары алып барылды. Бул илаждан гөзленген мақсет, мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде пуқараларға еле де болса қолайлы шараят жаратыў, олардың күнделикли турмысында  ушырасып атырған машқалаларды орнында үйренген ҳалда шешиў болып табылады.

Буннан кейин қәнигелер тәрепинен мәмлекетлик хызметлер тараўы нызамшылығындағы өзгерислер, мәлимлеме-технологиялары жәрдеминде көрсетилип атырған хызметлер, оннан онлайн тәризде пайдаланыўдың абзаллықлары бойынша кең түрде ҳуқықый түсиник берилди.

 

 

Соң аймақ турғынларының машқалалары, пикир-усыныслары тыңланды. Мүрәжатлардың көпшилиги усы жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. Қалғанларының орынланыўы қадағалаўға алынды. Район орайына барыў имканияты болмаған Азатов ҳәм Досановлардың шаңарағы ПҲАЖ бөлими тәрепинен некеден өткерилип, гүўалықлары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

 

 

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы  К.Артықов посёлкалық пуқаралар жыйынындағы 56-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, оқыўшыларға жаратылған шараятлар менен танысты.

Мәлим болғанындай, бул оқыў дәргайында олар ушын барлық шараят жаратылған. Мектеп питкериўшилери арасында исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегиндеги оқыўшылар менен семинар өткерилди.

 

 

Өткен жылдың декабрь айында болып өткен Өзбекстан жасларының форумында «Ҳәр бир исбилермен ­ жасларға мәдаткар» принципи тийкарында 1 исбилерменге 1 жумыссыз жасты бириктириў бойынша қайырлы баслама жәрияланып, көплеген исбилерменлер тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланды. Алдағы ўақытлары жаслар жойбарларын қоллап-қуўатлаўда салық ҳәм басқа да жеңилликлерди бериў бойынша қарар қабыл етилетуғынлығы атап өтилди. Сондай-ақ, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы арқалы жаслардың исбилерменлик жойбарлары ушын кредит қаржыларының ажыратылыўы оларға көрсетилип атырған айрықша итибар болып табылады.

Семинарда исбилермен болып дизимнен өтиў тәртиби, оларға берилетуғын жеңилликлер бойынша кең түрде түсиник берилди. Оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды ҳәм оларға саўғалар тапсырылды.

 

 

Усы күни аймақ турғынларына 120 дан зыят мәмлекетлик хызмет көрсетилди ҳәм ҳәр бир тараўға тийисли буклетлер тарқатылды. «Ҳеш ким итибардан шетте қалмайды» сүрени астында кем тәмйинленген шаңарақлар, майыплығы болған шахслардың ҳал-жағдайынан хабар алынды. Оларға басқарма тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.

Республикамыздың ең шетки аймағында жайласқан посёлкалық пуқаралар жыйынында өткерилген илаж пуқараларымыздың машқалаларын шешиўге, олардың ҳәмийше итибарда екенлигин сезинип жасаўына өзиниң унамлы тәсирин тийгизди. Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бундай ийгиликли басламасы алдағы ўақытлары да даўам етеди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.