Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Уллы шайыр ҳәм ойшыл, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилигин, оның бай илимий-әдебий мийрасын үйрениў, шығармаларын елимиз ҳәм сырт еллерде кеңнен үгит-нәсиятлаў және естелигин мәңгилестириў мақсетинде:

1.Илимлер академиясы, Мәденият министрлиги ҳәм Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Илимлер академиясының шөлкемлестириўинде Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық жәмийетлик фондын (кейинги орынларда – Фонд) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

2.Төмендегилер Фондтың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

Әлийшер Наўайының өмири, жоқары адамгершилик идеялары ҳәм илимий-әдебий мийрасын елимизде ҳәм халықаралық көлемде кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў;

Әлийшер Наўайының шығармаларын шет тиллерге аўдарыў, толық илимий басылымларын жаратыў, оларды республикамызда ҳәм сырт еллерде басып шығарыў;

Әлийшер Наўайының илимий-әдебий мийрасын изертлеп атырған жазыўшы ҳәм илимпазлардың жумысына жәрдемлесиў, олар жаратқан илимий ҳәм көркем шығармаларды топлаў, шайырдың дөретиўшилигин үйренип атырған, соның ишинде сырт еллердеги илимий-дөретиўшилик орайлар менен бирге ислесиў;

ҳәр жылы Әлийшер Наўайы туўылған сәне – 9-февраль күни халықаралық конференция (симпозиум) ҳәм «Наўайы оқыўлары күнлери»н шөлкемлестириў ҳәм өткериў.

3.Төмендегилер:

Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық жәмийетлик фонды Қайырқомлық кеңесиниң қурамы 1-қосымшаға муўапық;

Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық жәмийетлик фондының структурасы 2-қосымшаға муўапық мақуллансын.

Атқарыўшы дирекция Фондтың атқарыў уйымы болып есапланатуғын ҳәм оған атқарыўшы директор басшылық ететуғыны белгиленсин.

4.Қайырқомлық кеңесине төмендеги ўәкилликлер берилсин:

Фондтың дәрамат ҳәм қәрежетлери бойынша прогноз көрсеткишлерин және қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртибин тастыйықлаў;

Фонд қаржыларынан пайдаланыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеў;

атқарыўшы директорды лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў;

Атқарыўшы дирекция тәрепинен Фонд қаржыларынан мақсетли пайдаланылыўы үстинен системалы қадағалаў орнатылыўын тәмийинлеў;

зәрүр жағдайларда, штат бирликлери ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде Фондтың структурасына өзгерис киргизиў;

Фондқа жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын мәпдар мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерди және қәўендерлерди тартыў.

5.Төмендегилер Фонд қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:

Министрлер Кабинети жанындағы Өзбек тилин раўажландырыў қоры тәрепинен ҳәр жылы 1 миллиард сумға шекем ажыратылатуғын қаржылар;

халықаралық финанс институтларының грантлары;

юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қайырқомлық қәўендерликлери;

нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

6.Илимлер академиясы ҳәм Әдиллик министрлиги еки ай мүддетте Фонд уставының белгиленген тәртипте тастыйықланыўын ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.

7.Фонд Ташкент қаласы, Мырза Улығбек районы, академиялық Яҳё Ғуламов көшеси, 70-жайдың бир бөлиминде бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.

8.Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас мнистри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 4-февраль