Социаллық тармақлар ҳәм Telegram каналларында 16-марттан баслап карантин жәрияланыўы ҳаққындағы аудиохабарлар тарқалмақта.

 

«Antifake.uz»дың хабар бериўинше, бул хабар өткен 2020-жылы 15-март күни тарқатылған хабар болып, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда карантин қайта жәрияланыўы жобаластырылмаған.

 

Еслетип өтемиз, халық арасында жалған мәлимлеме тарқатқаны ушын жуўапкершилик белгиленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.