Шымбай районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеплерде ағымдағы оңлаў жумысларын алып барыўға ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўы тексерилгенде, олардың талан-тараж етилгенлиги мәлим болды.

Атап айтқанда, 36-санлы улыўма билим бериў мектеби имаратында ағымдағы оңлаў жумысларын алып барыў бойынша районлық Халық билимлендириў бөлими менен «POWER ELEGANT CONSTRUCTION» жуўапкершилиги шекленген жәмийети арасында өткен жылы 9-август күни шәртнама дүзилген.

Мектеп имаратында шәртнамада белгиленген ағымдағы оңлаў жумыслары толық орынланбаған болса да, есап-фактураларға қәлбеки мағлыўмат ҳәм есап киргизиў жолы арқалы ҳүжжетлер қәлбекилестирилип, жәми 290,9 миллион сум муғдарында бюджеттен ажыратылған пуллар өзлестириў жолы менен талан-тараж етилген.

Усындай кемшилик райондағы 2-санлы улыўма билим бериў имаратында ағымдағы оңлаў жумысларын алып барған «XADJI STROY» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде де ушырасты. Халық билимлендириў бөлими менен усы жуўапкершилиги шекленген жәмийет арасында өткен жылы 9-август күни улыўма баҳасы 949 миллион сумлық шәртнама дүзилген.  Бул жумыслар толық орынланбастан, есап-фактураларға қәлбеки мағлыўмат ҳәм есап киргизиў жолы арқалы ҳүжжетлер қәлбекилестирилип, жәми 157 миллион сум өзлестириў жолы менен талан-тараж етилген.

Райондағы 44-санлы улыўма билим бериў мектеби имаратында ағымдағы оңлаў жумысларын алып барыў бойынша Халық билимлендириў бөлими менен «Nukus suv inshoatlarini tamirlash» жуўапкершилиги шекленген жәмийети арасында өткен жылы 14-июль күни 920,1 миллион сумлық шәртнама дүзилген. Бул жерде де оңлаў жумыслары толық орынланбаған болса да, есап-фактураларға қәлбеки мағлыўмат ҳәм есап киргизиў жолы менен ҳүжжетлер қәлбекилестирилип, жәми 161,6 миллион сум қаржы талан-тараж болыўына жол қойылған.

Жоқарыдағы жағдайлар бойынша департаменттиң Шымбай районлық бөлими тәрепинен районлық Халық билимлендириў бөлими менен «POWER ELEGANT CONSTRUCTION», «XADJI STROY», «Nukus suv inshoatlarini tamirlash» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери лаўазымлы шахсларының қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылды.

Ҳәзирги ўақытта Шымбай районы прокуратурасы тәрепинен дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.