ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Қанлыкөл районында «Жетекши ҳаял-қызлар – жәмийет таянышы» атамасында семинар өткерилди.

Онда депутатлар, районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими хызметкерлери, жоқары оқыў орынларының оқытыўшылары, лекторлар, исбилермен ҳаял-қызлар қатнасты.

Семинарда Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң кафедра баслығы, философия илимлериниң кандидаты, доцент А.Байрыева, жумысты шөлкемлестириў, оның барысын баҳалаў, усы жумыстан гөзленген мақсетке ерискени яки ериспегенин анықлаў, ўақытқа итибар бериў ҳәм нәтийжелерге қарап ислеў сыяқлы ҳәрекетлер лидер ҳаял-қызлардың имиджин жаратыўда тийкарғы фактор болып табылатуғыны ҳаққында турмыслық тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда пикир-усынысларын билдирип өтти.

 

 

– Мәмлекетимизде соңғы жылларда ҳаял-қызларға болған итибар күшейди,-дейди Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ҳуқықтаныўшысы Б.Арзиева. – Олардың мәплерин қорғаў, шаңарақ ҳәм жәмийеттеги абырайын арттырыў бойынша системалы реформалар әмелге асырылмақта.

Илажда еки исбилермен ҳаял «Ҳаяллар дәптери»не кирген, үйинде жумыссыз отырған 40 ҳаял-қызды кәсипке бағдарлаў мақсетинде 3 ай бийпул оқыў курсларын шөлкемлестириўге келисип алды. Сондай-ақ, ең белсенди 20 ҳаял-қыз партия ағзалығына қабыл етилип, оларға гүўалықлар тапсырылды.

 

 

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.