USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 27 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

СИЯСИЙ ПАРТИЯЛАРДЫҢ БАСШЫЛАРЫ МЕНЕН ПИКИР АЛЫСЫЛДЫ

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-февраль күни мәмлекетимиздеги сиясий партялардың басшылары менен ушырасты.

Ашық сәўбетлесиў ўақтында партиялардың жәмийетимиздиң сиясий-социаллық турмысындағы орны ҳәм ролин арттырыў мәселелери, бүгинги күнде олардың алдында турған тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында пикир алысылды.

Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысқа байланыслы кең көлемли реформаларды әмелге асырыўда, ҳалқымыздың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўда сиясий  партиялардың орны үлкен екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимизде аймақларды комплексли раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыўға айрықша итибар қаратылмақта. Экономикалық-социаллық тараўларды қамтып алған көплеген бағдарламалар әмелге асырылмақта. Исбилерменликти раўажландырыў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў тийкарғы  ўазыйпа етип белгиленген. Бул бағдардағы жумыслардың орынланыўын қадағалаў Олий Мажлис палаталары ҳәм жергиликли кеңеслерге үлкен жуўапкершилик жүклейди.

Ушырасыўда социаллық тараўлар, әсиресе, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў мәселелерине айрықша тоқтап өтилди. Сиясий партиялар өз депутатлары арқалы орынлардағы социаллық-экономикалық машқалаларды үйрениў, олардың шешими бойынша усыныслар бериў, әсиресе, тәсиршең Парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды алып барыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

 

 

 

 

 

Партиялар өз электораты, әсиресе, жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм нуранийлер менен ислесиў, олардың турмыслық әҳмийетли мәплерин тәмийинлеўге жәрдем бериўи зәрүр екенлиги ҳаққында бир мақсеттеги пикир билдирилди.

Ҳәр бир партия өз бағдарламалық мақсетлерин Парламентке жедел алып шығыў, өз фракциялары арқалы нызамшылық басламаларын алға қойыўы ҳәм нызамлардың орынланыўын тәмийинлеўди қадағалаўға алыўы зәрүр екенлиги ҳаққында пикир алысылды.

Сәўбетлесиў процесинде сиясий партиялардың жумысы бүгинги заман талапларынан келип шыққан ҳалда, терең талланып, олардың жумысын жетилистириў ҳәм нәтийжесин арттырыў бойынша пикирлер, әмелий усыныслар билдирилди.

Ушырасыўда Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан либерал-демократиялық партиясы, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы, Халық демократиялық партиясы, «Адолат» социаллық-демократиялық партиясы және Экологиялық партия, Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық  палатасының басшылары қатнасты.

 

 

 

 

 

 

ӨзА