Соӊғы жыллары елимизде халық саламатлығын қорғаўға ҳәм майыплығы болған инсанларды ҳәр тәреплеме қоллапқуўатлаўға айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Тийисли қәнигелер менен биргеликте, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў  министри  Мурат Қурбанов республикамыз аймақларында жайласқан медицина мәкемелериниӊ бүгинги  жағдайы  менен танысыў ҳәм  кемкеўил наўқас инсанлардыӊ ҳал-жағдайларынан хабар алыў  мақсетинде  бир қатар орынларда болып медицина қәнигелери ҳәм  елат турғынлары менен ушырасыўлар ѳткермекте.

Жақында ол   Нөкис районында да болып районлық  медицина бирлеспесиниӊ ҳәзирги жағдайы менен жақыннан танысты ҳәм медицина мәкемесиниӊ жумыслары бойынша ѳз пикирлерин билдирди.

Буннан соӊ  “Қырантаў” аўыл пуқаралар жыйынында болып, усы аймақ турғыны Әдилхан Сабуровтыӊ ҳал-жағдайынан хабар алып, оған  майыплар арбашасын саўға етти.

Буннан кеўли толған Ә.Сабуров илаж шөлкемлестириўшилерине өз миннетдаршылығын билдирди.

 

А.Оразов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Сүўретте илаждан көринис