Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы социаллық тармақларда Қанлыкөл районы 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиндеги нызамбузыўшылықлар ҳаққында тарқалған видеолар бойынша рәсмий мағлыўмат жәриялады.

 

Хабарда жазылыўынша, Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районлық бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериў нәтийжелеринде Қанлыкөл районы 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси лаўазымлы тәреплери хызмет ўазыйпаларынан пайдаланып, мәкеме есабында болған ҳәр түрли үскенелерди талан-тараж етип, тәрбияланып атырған балалардың күнделикли тағамнамасына азық-аўқатлық өнимлерди қосып жазып ҳәм қәлбеки ҳүжжетлерди рәсмийлестирип, жәми 64 млн. сум муғдарындағы бюджет пулларын растрата етиў жолы менен талан-тараж еткенлиги анықланды.

 

Усы жағдай бойынша Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районлық бөлими тәрепинен Қанлыкөл районы 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси лаўазымлы тәреплерине Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясы 2-бөлими «г» бәнти, 209-статьясы 1-бөлими менен жынаятлы ис қозғатылды.

 

Ҳәзирги ўақытта Қанлыкөл районлық прокуратурасы тәрепинен дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.