Қазақстан Президенти Қасым Жомарт-Тоқаев мәмлекет жолларында ҳәрекетлениў қағыйдаларына өзгерис киргизетуғын нызамға қол қойды.

Нызамға бола, 2022-жылдан мәмлекетте он жылдан асқан автобусларды дизимнен өткериў қадаған етиледи. Буның менен жолларда қәўипсизликти арттырмақшы.

Жаңа нызам айдаўшыларға машинаны айдаўшылық гүўалығы ҳәм транспорт қуралы дизимге алынғаны ҳаққындағы ҳүжжетсиз басқарыўға руқсат береди. Бул ҳаққында Қазақстан президентиниң баспасөз хызмети 1-февраль күни мәлим етти.

Айдаўшының жанында пуқаралығын  тастыйықлаўшы ҳүжжет болыўы жетерли. Полицияшылар қалған мағлыўматларды планшеттен көрип алады. Оның ушын жетерли мағлыўматлар базасы қәлиплестириледи. «Права» ҳәм транспорт қуралы ҳүжжетисиз жүргени ушын жуўапкершилик те бийкар етилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.