Жоқары оқыў орынларында оқыў процеси толық кредит-модуль системасына өткеннен соң, барлық жумыслар электрон формаға өткериледи. Рейтинг дәптершеси, студентлерди дизимге алыў бети, оқытыўшылардың сабақ жобасы, журналы ҳәм студентлер журналын жүргизиўде қағаз көринисинен толық ўаз кешиледи.

 

Электрон формада баҳалар бойынша да объективлик жаратылады. Оқытыўшы баҳаларды қашан қойыўы, қандай тийкарларға муўапық баҳаланыўы анық болады ҳәм белгиленген мүддет өткеннен соң оқытыўшы баҳаны өзгерте алмайды. Ҳәттеки, қандайда бир себеп пенен өзгертилсе де бул бойынша мағлыўматларды сақлап қалатуғын система жаратылмақта, – деп айтып өтти МҒКАда болып өткен баспасөз конференциясында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бас басқармасының баслығы А.Холиқов.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.