Қараөзек районы Халық билимлендириў бөлиминде ӨзЛиДеП Қараөзек районлық Кеңеси тәрепинен «Депутатлар ҳәм исбилерменлер» форумы болып өтти.

Онда партияның районлық Кеңесиниң хызметкерлери, депутатлар,  район ҳәкимлигиниң, әдиллик бөлиминиң және Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң Қараөзек районындағы исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасының ўәкиллери ҳәм басқа да тараўлардың жуўапкер қәнигелери, исбилерменлер қатнасты.

 

 

Илажда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң раўажланыўына тосқынлық етип, исбилерменлик жумысларының еркинлигин шеклеп атырған бир қатар машқалалар атап өтилди.

Усы машқалаларды турақлы түрде системалы үйренип барыў, сапластырыў бойынша партиядан сайланған депутатлардың  анық  позициясын қәлиплестириўге хызмет ететуғын әмелий усыныс ҳәм басламаларды  ислеп шығыў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда орынларда топланып қалған машқалаларды үйренип, оларды сол жердиң өзинде шешиў илажларын көриў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

 

 

Исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланып, айырымлары сол жердиң өзинде сапластырылды. Айырым мүрәжатлардың шешими бойынша тийисли шөлкемлерге депутатлық сораў жибериў арқалы үйренип шығыў ҳәм қадағалаўға алыныўы келисип алынды.

 

 

Сондай-ақ, форум даўамында исбилерменлик жумысын енди басламақшы болған ҳаял-кызлар ҳәм жаслар, исбилерменлик субъекти ўәкиллери шығып сөйлеп, өзлериниң пикир-усынысларын билдирип өтти. Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.