Аўыл хожалығы егинлерин зыянкеслерден ҳәм кеселликлерден қорғаўда биологиялық усылдың жоқары өним алыўда әҳмийети үлкен екенлигин дийқанларымыз жақсы биледи. Бул усыл тәбияттағы пайдалы жәнликлерден өнимли пайдаланыў (қырып жибермеў, егинлердиң арасына энтомофагларды өзине тартыўшы өсимликлерди егиў), трихограмма, бракон ҳәм ханқызы сыяқлы энтомофагларды биолабораторияларда көбейтип, атызларға шығарыў ҳәм микроорганизмлер тийкарында жаратылған биопрепаратлар қолланыўға тийкарланған.

– Илимпазларымыз тәрепинен пахта егинин биологиялық усылда қорғаўдың экономикалық, биологиялық ҳәм экологиялық абзаллықлары менен ажыралып туратуғын система жаратылған,-дейди «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикалық басқармасының нормативлик ҳүжжетлердиң орынланыўын қадағалаў, сертификатлаў ҳәм метрология бөлиминиң бас инспекторы А.Қозиев. – Бирақ, айырым биолабораторияларда биоөнимлерди көбейтиўде жол қойылып атырған кемшиликлер, олардың сапасына итибар бермеў, атызға тарқатыўдағы қәте-кемшиликлер нәтийжесинде, бул усылдан нәтийжесиз пайдаланыў жағдайлары жүз бермекте.

Атап айтқанда, атызларға тарқатылған биоөнимлердиң нәтийжеси көринбей атырғанлығының тийкарғы себеплериниң бири – орынларда пайдалы жәнликлердиң әўладын жаңалаў жумысларына итибар берилмей атырғанлығы болып есапланады. Биолабораторияларда көбейтилип атырған биоөнимлердиң өнимдарлығын арттырыў, сапасын жақсылаў ҳәм зыянкеслерге қарсы нәтийжели тәсир көрсетиўди тәмийинлеў ушын биоөнимлер әўладын жаңалаў үлкен әҳмийетке ийе.

Қарақалпақстан Республикасында 2021-жылдың өними ушын егилген аўыл хожалығы егинлеринде биологиялық усылды кең түрде қолланыў мақсетинде бүгинги күнде районларда 66 биолаборатория жумыс ислемекте. Усы лабораторияларда 760 килограмм трихограмма, 350 миллион дана бракон, 398 миллион дана ханқызы биоөнимлерин көбейтиў режелестирилген. Қыс мәўсиминде биолабораторияларды ысытыў, биоөнимлерди көбейтиў ушын оптимал температураны услап турыў, көбейтилип атырған ҳәм диапаузаға қойылған биоөнимлерди қыстан аман шығарыў, азықлық ҳәм ысытыў өнимлериниң қорын жаратыў сыяқлы талапларды өз ўақтында әмелге асырыў үлкен әҳмийетке ийе.

Усы талапларға қай дәрежеде әмел етип атырғанын үйрениў мақсетинде бөлимимиз тәрепинен системалы түрде мониторинг-қадағалаў илажлары әмелге асырылған ҳалда, анықланған кемшиликлердиң сапластырылыўы  тәмийинленбекте.

Биоөнимлерди көбейтиў ушын ең тийкарғы азықлық өнимлердиң қорын жаратыў, аўыл хожалығы егинлериниң зыянкеслерине қарсы биологиялық усылда гүресиўге пуқта таярлық көриўди тәмийинлеў ушын тийисли шөлкемлер менен биолабораторияларға әмелий жәрдем көрсетилип, усыныслар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги