Усы жылдың 21-январь күни саат 23:00 де Ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында Төрткүл районында жасайтуғын 27 жаслы Малика Қ. «героин» нәшебентлик затын усы оператив илажға бириктирилген адамға улыўма 700 000 сумға сатып атырған ўақтында илаж қатнасыўшылары тәрепинен айғақлы дәлиллер менен усланған. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ жанындағы Тергеў департаменти хабар берди.

 

Судқа байланыслы химиялық экспертизаның жуўмағында Малика Қ. дан алынған зат «героин» нәшебентлик заты екенлиги ҳәм оның улыўмалық салмағы 0,02 граммды қурайтуғынлығы көрсетилген.

Дәслепки тергеў процесинде Малика Қ.ға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 273-статьясы 5-бөлими менен жынаят иси ашылған болып, оған «қамаққа алыў» шарасы қолланылған.

 

Хабарда жазылыўынша, усы түрдеги жынаятлар ушын Жынаят кодексиниң нормаларына муўапық, 10 жылдан 20 жылға шекем еркинен айырыў жазасы белгиленеди.

 

Ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.