2021-жыл 21-январь күни саат 11:30 лар шамасында Нөкис қаласы Ишки ислер уйымлары хызметин муўапықластырыў басқармасына келип түскен хабар тийкарында Нөкис қаласы 22-киши район, 8/6-жай 27-квартирасында жасаўшы пуқара Р.У.(1981-жылы туўылған ҳаял)ның өли денеси адам өлтириў жынаяты белгилери менен жасаў үйинен табылған.

 

ҚР Прокуратурасының хабар бериўинше, усы ҳәдийсе бойынша 2021-жыл 21-январь күни Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 97-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылған.

 

Тергеў-оператив топары әмелге асырған кең көлемли илажлар нәтийжесинде жынаят ашылып, жынаят Нөкис қаласында жасаўшы пуқара З.М.(1979-жылы туўылған ҳаял) тәрепинен исленгенлиги анықланды.

 

Сондай-ақ, тергеў барысында анықланыўынша, пуқара З.М. марҳум Р.У.дан қарызға процент есесине мәлим муғдарда пул алғанлығы, бирақ усы пулды өз ўақтында үстемеси менен қайтарып бере алмағанлығы, 2021-жыл 20-январь күни марҳум Р.У.дың үйине келгенлиги ҳәм ортада усы мәселеде өз ара жәнжел келип шығып, З.М. дастурхан үстинде турған хожалық пышағы менен Р.У.дың денесиниң дус келген жерлерине урып, қастан өлтирген.

 

2021-жыл 22-январь күни пуқара З.М. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 97-статьясы 1-бөлими менен гүманланыўшы сыпатында жынаят исине қатнастырылып, Жынаят-процессуал кодексиниң 221-статьясы тәртибинде усланды.

 

Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының 2021-жыл 23-январьдағы уйғарыўына тийкар оған «қамақ» шарасы қолланылды.

 

Ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.