Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Қарақалпақстан футбол ассоциациясы тәрепинен өткен жыл даўамында әмелге асырылған жумыслардың жуўмағына бағышланған мәжилис болып өтти.

Онда атап өтилгениндей, кейинги жылларда руўхый ҳәм физикалық жақтан бәркамал әўладты қәлиплестириў, миллионлар ойыны болған ҳәм мәмлекетимизде айрықша орын тутатуғын спорттың футбол түрине халықты, әсиресе, жасларды кеңнен тартыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып келинбекте. Бунда Президентимиздиң 2019-жыл 4-декабрьдеги «Өзбекстанда футболды раўажландырыўды пүткиллей жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы айрықша әҳмийетке ийе болды.

Пәрман талапларын орынлаў бойынша өткен жыл даўамында Қарақалпақстан футбол ассоциациясы тәрепинен бир қатар жумыслар алып барылды. Атап айтқанда, балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери,  қәнигелестирилген спорт мектеплери тәрбияланыўшылары, сондай-ақ, ҳәўескерлер арасында, футзал бойынша бир қатар жарыслар өткерилди. 2007-жылы туўылған балалар арасында футзал бойынша Ташкент қаласында  болып өткен «Спорт мектеплери лигасы»нда тренери Х.Ешниязов болған Қоңырат районы командасы үшинши, 2008-жылы туўылған балалар арасында Ташкент қаласында  болып өткен «Жер жүзилик футбол күни»не бағышланып өткерилген фестивальға тренери К.Убайдуллаев болған Балалар ҳәм жас өспиримлер шеберлик мектеби командасы қатнасып, үшинши орынды ийеледи.

Ассоциация тәрепинен 27-Қарақалпақстан чемпионаты биринши мәрте «Кушмаг» брэнди астында өткерилип, онда аймақларға бөлинген ҳалда 21 команда қатнасты. Жарыс жуўмағында Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы командасы биринши, Төрткүл районы командасы екинши, Нөкис районы командасы үшинши орынларды ийеледи. Футзал бойынша 16-Қарақалпақстан чемпионаты даўам етпекте.

Қарақалпақстан кубоги жарысы да қызықлы өтти. Финальда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң командасы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасы үстинен жеңиске еристи.

Ветеранлар арасында өткерилген жарыста Нөкис қаласы командасы жеңимпазы болды. Қарақалпақстан сайланды командасы Наўайы ўәлаятында болып өткен аймақлық жарыста биринши орынды ийелеп, финаль басқышына жоллама алды ҳәм төртинши орынды қолға киргизди.

2005-2006-жылы туўылған қызлар арасында Ташкент қаласында  болып өткен Өзбекстан чемпионатында республикамыз командасы екинши орынды ийеледи.  Балалар ҳәм жас өспиримлер шеберлик мектеплериниң  2004-жылы туўылған тәрбияныўшылары арасында Өзбекстан кубоги жарысы биринши мәрте Нөкис қаласында болып өтти. Онда Қарақалпақстан сайланды командасы төртинши орынды ийеледи.

Бул жарысларды өткериўде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Денетәрбия ҳәм спорт, Ишки ислер, Денсаўлықты сақлаў министрликлери, «Кушмаг» кәрханасы, «Қудрат медиа» студиясы, «Ривож Юлдуз» реклама агентлиги, «Гросс» қамсызландырыў, «Победа» такси компаниялары жақыннан жәрдем берди.

Мәжилис соңында «Жылдың ең жақсы тренери», «Жылдың ең жақсы жас өспиримлер тренери», «Жылдың ең жақсы мини футбол бойынша жас өспиримлер тренери», «Жылдың ең жақсы Балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясының тренери», «Жылдың ең жақсы қызлар тренери», «Жылдың ең жақсы ойыншысы», «Жылдың ең жақсы легионери», «Жылдың ең жақсы ветеран  ойыншысы» сыяқлы бир қатар номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.

-Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары ўақтында «Арал» командасын қоллап-қуўатлаў бойынша билдирген пикирлери бәршемизди айрықша қуўанышқа бөледи,-дейди «Жылдың ең жақсы тренери» номинациясы жеңимпазы Илал Нажимов.-Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң командасы өткен жылы кубок жеңимпазы болды. Алдағы ўақытлары «Арал» командасы қурамына жақсы ойыншылар таярлап бериўге ҳәрекет етемиз.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түчсирген сүўретлери