Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 25-27-январь күнлери аралығында  пайтахтымыздағы «Жаслар орайы»нда республикамыздағы жаслардың бизнес басламалары, стартаплары, идеяларын жүзеге шығарыўға көмеклесиў ҳәм қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, өз исбилерменлигин баслаў нийетиндеги жаслар ушын  «Исбилерменлик тийкарлары» атамасындағы оқыў-семинары өткерилмекте.

Оқыў-семинардың екинши күнинде жаслар топарларға бөлинип «Исбилерменликке дәслепки қәдем», «Бизнес идея бул?», «Кредит бул не?», «Бизнес реже дүзип үйренемиз» атамасындағы темалар бойынша тренинглер өткерилди.

Сондай-ақ, қатнасыўшылар «E-IJRO AUKSION» электрон саўда бағдарламасы менен жақыннан танысты.

– Өткерилип атырған оқыў-семинарында жеңиллетилген кредит алыў, исбилерменликти баслаў ушын дәслепки қәдем сыяқлы өзиме керекли болған барлық билим ҳәм көнликпелерге ийе болдым. Келешекте усы алған билимлериме тийкарланып өзимниң шарўашылық бағдары бойынша жумысымды әмелге асырмақшыман. Өз заманласларымды да жумыс пенен тәмийинлеў нийетиндемен, – дейди оқыў-семинар қатнасыўшысы Айдос Нәўбетов.

Оқыў-семинары нәтийжели даўам етпекте.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы