Саудия Арабстаны Патшалығы делегациясының мәмлекетимизге сапары шеңберинде 23-25-январь күнлери бир қатар илажлар ҳәм ушырасыўлар болып өтти.

Сапардың бағдарламасына бола, Бухара қаласында Өзбекстан-Саудия Арабстаны бизнес форумы ҳәм еки мәмлекеттиң исбилерменлер кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтти.

Илажда Өзбекстан менен Саудия Арабстаны арасындағы қатнасықлар жоқары дәрежеге көтерилгенлиги себепли энергетика, химия ҳәм азық-аўқат санааты, хызмет көрсетиў тараўларында ири жойбарлар әмелге асырылып атырғанлығы атап өтилди.

Тәреплер ерисилген келисимлерди толық ҳәм өз ўақтында турмысқа енгизиў менен бирге, Өзбекстанда сырт ел капиталы ушын жаратылған қолайлы шараятларды есапқа алып, инвестициялық, саўда-экономикалық тараўлардағы системалы өз-ара пайдалы бирге ислесиўге өтиў перспективасын атап өтти.

Саудия Арабстаны тәрепи Өзбекстанда әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалардың пәти ҳәм нәтийжелилиги және усы мүнәсибет пенен еки тәреплеме инвестиция ҳәм саўда тараўында бирге ислесиўди хошаметлеў ушын ашылып атырған кең имканиятларға жоқары баҳа берди. Инвестициялар министри еки мәмлекет арасындағы инвестициялық ҳәм экономикалық қатнасықларды беккемлеў бойынша избе-из әмелий илажлар көриўге садық екенлигин билдирди.

Мәмлекетимиздиң энергетика потенциалы раўажланады

Саудия Арабстаны делегациясының сапары шеңберинде пайтахтымызда Патшалық инвесторларының жәрдеминде Сырдәрья ўәлаятында ыссылық электр станциясы қурылысының басланыўына бағышланған мәресим болып өтти.

2020-жыл мартта Өзбекстан Республикасы Энергетика, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрликлери және Саудияның «ACWA Power» компаниясы арасында бирге ислесиў жолға қойылған еди. Ҳәзирги ўақытқа шекем келисимлер шеңберинде мәмлекетимизде экологиялық таза энергия ислеп шығарыўды 2500 мегаваттқа арттырыў жолында үш басқыштан ибарат жойбарларға кирисилди.

Салтанатлы мәресимде Сырдәрья ўәлаятында қуўатлылығы 1500 МВт болған ыссылық электр станциясының қурылысын баслаўға руқсат берилди. Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында улыўма қуўатлылығы 1000 МВт болған еки самал электр станциясын қурыў, электр энергиясын сатып алыў бойынша еки келисим ҳәм басқа келисимлерге қол қойылды.

Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы Өзбекстанның энергетика қуўатлылығын бүгинги күнниң талабы дәрежесинде арттырыў кепиллиги есапланады. 2030-жылға барып елимизде электр энергиясының тутыныўы 110 миллиард киловатт саатқа жететуғынлығы күтилмекте.

– Өзбекстанда экологиялық таза энергия ислеп шығарыўды көбейтиў белгили бир ўақыт даўамында түрли қолланбалар ҳәм инвестиция тараўындағы жоқары мақсетлерге ерисиўди нәзерде тутады, – дейди энергетика министри Алишер Султонов. – Режелеримиздиң нәтийжели әмелге асырылыўы Өзбекстанға үлкен муғдарда инвестиция тартыў ҳәм мәмлекетимиздиң энергетика потенциалын арттырыў имканиятын береди. Биз Саудия Арабстаны менен узақ мүддетли ҳәм нәтийжели бирге ислесиў нийетиндемиз.

– Өзбекстанның энергетика тармағын реформалаў бойынша кең көлемли жойбарларда қатнасып атырғанымыздан қуўанышлымыз, – дейди «ACWA Power» компаниясының басқарма баслығы Муҳаммад Абунайян. – Усы жылы биз бир жәмәәт болып мийнет етип атырмыз. Бул Саудия Арабстаны Патшалығы ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы экономикалық қатнасықларға мәмлекетлеримиз басшылығы тәрепинен берилген жоқары баҳа болды.

Мийнет миграциясы тараўында избе-из бирге ислесиў

Саудия Арабстаны инвестициялар министри Ҳолид ал-Фалиҳтиң Өзбекстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Нозим Ҳусанов пенен ушырасыўы да әҳмийетли пикир-таласларға бай болды. Ушырасыўда еки мәмлекеттиң миграция ҳәм мийнет мигрантлары мәселелери бойынша тийисли уйымлардың басшылары қатнасты.

Илажда мәмлекетимизде тараўда алып барылып атырған реформалар бойынша толық мағлыўмат берилди. Өткен жылы пандемия себепли жүзеге келген қыйыншылықларға қарамастан, 370 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылғанлығы, шетки аўылларда да исбилерменликти раўажландырыў арқалы халықтың бәнтлик дәрежесин арттырыўға, жасларды жумыс пенен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанлығы атап өтилди.

Бүгинги күнде Өзбекстанда 19 миллионнан аслам мийнетке жарамлы халық бар. Бул жылына 600-700 мыңға артып баратырғанлығы тараў алдына әҳмийетли ўазыйпалар қоймақта. Машқаланы сапластырыў мийнет миграциясы тараўына да сырт ел инвестициясын тартыў, халықаралық бирге ислесиўди күшейтиўди талап ететуғынлығы тәбийғый. Бул бағдарда Саудия Арабстаны перспективалы ҳәм ең әҳмийетлиси исенимли шерик екенлиги айтылды.

Саудия Арабстанында 33 миллионнан аслам халық жасайды. Бул бағдарда мәмлекетлеримиздиң имканиятлары теңдей. Ҳәр еки мәмлекетте негизги жумысшы күши сыпатында жасларға үлкен әҳмийет қаратыўы да көп жағынан мақсетлеримиздиң бирдейлигинен дәрек береди.

Банклер аралық бирге ислесиў кеңейеди

Саудия Арабстаны инвестициялар министри Ҳолид ал-Фалиҳтиң Орайлық банк баслығы Мамаризо Нурмуродов пенен ушырасыўында финанслық-экономикалық тараўдағы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша сөз етилди.

М.Нурмуродов саудиялы мәртебели мийманға мәмлекетимиздиң банк системасында алып барылып атырған реформалар, халыққа банк хызметлерин көрсетиў бойынша жаратылып атырған шараятлар ҳаққында айтып берди.

Ҳолид ал-Фалиҳ  Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында алып барылып атырған өз-ара пайдалы, ашық сиясатты толық мақуллайтуғынлығын билдирди. Коронавирус пандемиясы дәўиринде Саудия Арабстаны ҳүкимети тәрепинен министрликлер ҳәм уйымлар, ири компаниялар, бизнес субъектлери басшыларынан ибарат улыўма 70 адамлық делегацияның биринши сапары Өзбекстанға шөлкемлестирилгени  тегиннен емес екенлигин айрықша  атап өтти. Бул еки мәмлекет арасындағы өз-ара исенимге тийкарланған дослық шериклик қатнасықларының жоқары дәрежесинен дәрек береди.

– Өзбекстан ҳәр тәреплеме ақылға уғрас сиясат жүргизбекте, – деди Ҳолид ал-Фалиҳ. – Бул, әсиресе, пандемия дәўиринде айқын көринди. Экономикалық жақтан қүдиретли көплеген мәмлекетлер қыйын жағдайға түсип қалған бир ўақытта Өзбекстан белгили дәрежеде өсиўге де еристи. Мине усы тәрепи мәмлекетлеримиз қатнасықларының раўажланыўына тийкар болып хызмет етеди.

Сәўбетлесиў ўақтында банк-қаржы тараўында тиккелей қатнасықларды жолға қойыўға келисип алынды. Бул бирге ислесиў сырт ел банклерине лицензия бериў, сырт ел инвестициясы ушын зәрүр шараят жаратыў, туризмди раўажландырыўға жәрдем бериў, банклердиң жумысы үстинен нәтийжели қадағалаў орнатыў, системаны меншиклестириў көлемин кеңейтиў, банклерде санлы технологиялардан өнимли пайдаланыў ҳәм тутыныўшыларға электрон хызмет көрсетиўди қамтып алыўды арттырыў сыяқлы тараўларды өз ишине алады.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы