Қарақалпақстанда қурылыс тараўы жедел раўажланып баратырған тараў болып есапланады. Республикамызда 2020-жылдың январь-декабрь айларында 3785,9 млрд. сумға тең қурылыс жумыслары орынланып, өсиў пәти 2019-жылға салыстырғанда 101,5 процентти қурады.

Қурылыс жумысларының көлеми ири қурылыс шөлкемлери, киши кәрхана ҳәм микрофирмалар және рәсмий емес секторларда әмелге асырылған жумыслар қурамы бойынша қәлиплести. Орынланған жумыслардан 290,7 млрд. сумлық жумыс ири қурылыс кәрханалары, 2795,2 млрд. сумлық жумыс киши кәрхана ҳәм микрофирмалар, 700,0 млрд. сумлық жумыс рәсмий емес секторлар тәрепинен әмелге асырылды.

Соннан, имарат ҳәм объектлердиң қурылыс жумыслары 69,1, пуқаралық объектлердиң қурылыс жумыслары 15,2 ҳәм қәнигелестирилген қурылыс жумыслары 15,7 процентти қурайды.

– Қурылыс бул көшпес мүлк объектлерин қурыў жумысы болып, экономикамыздың ең әҳмийетли тараўларының бири болып есапланады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасының инвестиция ҳәм қурылыс статистикасы бөлиминиң баслығы З.Сейтимбетова.

Биз қурылыс жумысын үйренип, таллағанымызда, санларды салыстырғанымызда тек көрсеткишлерди емес, ал усы санлар тийкарында жүзеге келген ири жойбардан тартып, ол киши ямаса үлкен болсын, халық ушын әҳмийетли, оның талабын қанаатландыра алатуғын ҳәм халыққа хызмет ететуғын қандай да бир жойбардың әмелге асырылғанын көремиз.

2021-жылдың 1-январь ҳалатына бола, қурылыс тараўы бойынша жумыс алып баратуғын кәрхана ҳәм шөлкемлердиң саны 2325ке жетти. Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 8,2 процентке көбейген. Соның 49,7 проценти Нөкис қаласында, 8,0 проценти Төрткүл районында, 5,0 проценти Хожели районында дизимге алынды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги