Ҳәзирги ўақытта пайтахт халқына мәмлекет тәрепинен кепилленген бюджет қаржылары есабынан қапланатуғын медициналық хызмет басланғыш медициналық санитария жәрдемин көрсететуғын мәкемелерде, соның ишинде, шаңарақлық ҳәм орайлық көп тармақлы поликлиникалар және барлық диспансерлердиң амбулаториялық хызмети тәрепинен көрсетилмекте.

Усы ўақытқа шекем станционарлық шараятта наўқаслар ушын мәмлекет тәрепинен кепилленген бийпул медициналық хызметлер социаллық, жуқпалы кесселликлери болған, аналық ҳәм балалық бағдары және тез медициналық жәрдем талап етилетуғын барлық жағдайларда көрсетилген.

Соның менен бирге, республика қарамағындағы медицина мәкемелери және қалалық клиникалық емлеўханалары тәрепинен тек ғана жеңилликке ийе болған халық қатламына бийпул медициналық хызмет көрсетилген.

Бирақ халықтың жеңилликке ийе болмаған қатламы режели түрде стационарлық шараятта қәнигелестирилген медициналық жәрдем алыў ушын зәрүр шараят жаратылмаған еди. Бул пуқаралардың көпшилиги режели стационарлық шараятта емлениў ушын медицина мәкемелериниң төлемли хызмет бөлимлерине мүрәжат етиўине туўра келген.

Енди бул жағдайлар сапластырылды. Президентимиздиң 2020-жыл 12-ноябрьдеги «Басланғыш медициналық санитариялық жәрдем мәкемелериниң жумысына улыўма жаңа механизмлерди енгизиў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасында алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық мәмлекетлик бюджет есабынан емлениў ушын берилетуғын жолламаларды енди пайтахтымыздағы 11 қалалық көп тармақлы орайлық  поликлиникалар менен бир қатарда 64 шаңарақлық поликлиниканың шаңарақлық шыпакери тәрепинен де берилетуғын болды. Бул ҳаққында Ташкент қаласы денсаўлықты сақлаў бас басқармасының тийисли буйрығы қабыл етилди.

Ташкент қаласы денсаўлықты сақлаў бас басқармасы қарамағындағы барлық медициналық мәкемелер ордер системасына өткерилди.

– Ҳәр бир  ордердиң артында орташа 2,5-3 миллион сум қаржы турыпты. Биз қалалық медицина мәкемелери көлеминде айына 5 мыңнан аслам усындай ордерлер ажыраттық ҳәм стационар мәкемелерге бөлистирдик, – дейди Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары – Ташкент қаласы  денсаўлықты сақлаў бас басқармасыныңы баслығы Анвар Алимов. – Солай етип, жыл даўамында биринши мәрте  жеңилликке ийе болмаған 60 мыңнан аслам пуқара бюджет қаржылары есабынан кепиллинген режели стационарлық емлениўге ериседи. Бул орынлардың саны зәрүрликтен келип шыққан ҳалда, структуралық өзгерислер тийкарында көбейиўи ҳәм керекли бөлимлерди кеңейтиў мүмкин. Сондай-ақ, әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесинде Республикалық мәкемелерге болған мүрәжатлар кескин азайыўына ерисиледи.

 

ӨзА