Япония саламатлық миллий институтының илимпазлары шабдал инсанның  қартайыў процесин төменлетиўши ҳәм өмирин узайтыў өзгешелигине ийе екенлигин анықлады. Изертлеў нәтийжелери Asian Journal of Longevity Research (AJLR) журналында жәрияланды.

«Шабдал – антиоксидантлардың ҳақыйқый кәни. Ерийтуғын ҳәм еримейтуғын клетчаткаларға бай бул мийўе организм ушын күшли қорғаныў қалқанын жаратады», – деди Токио медицина университети геронтология ҳәм диетология қәнигеси, доктор Кензо Хашимото.

Изертлеўге бола, шабдал қурамындағы бета-каротин ҳәм полифенол сыяқлы антиоксидантлар саламат клеткаларға зыян жеткермеген ҳалда рак клеткаларын таңлап жоқ етиў өзгешелигине ийе. Әсиресе, жақсы жетистирилген шабдал мийўелерин жегенде пайдасы жоқары болады.

Модель организмлерде өткерилген тәжирийбелер тийкарында шабдал экстракты  өмирди 23  процентке созыў мүмкин, деген жуўмаққа келинген. Илимпазлардың пикиринше, шабдалды турақлы жеў денсаўлықты беккемлеў  ҳәм өмирди созыўдың ең арзан ҳәм әпиўайы усылына айланыўы мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги