6-январь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы ӨзЛиДеП фракциясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда мәмлекетимиздиң турмысына байланыслы болған бир қатар нызам жойбарлары көрип шығылды.
Соның ишинде, фракция мәжилисинде суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў системасын жетилистириўге қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары менен атқарыў жумысларын алып барыў бойынша бирден-бир электрон базасының жүргизилиўи, сондай-ақ, қарыздардың өндириў қаратылыўы мүмкин болған мүлки ямаса дәраматлары болмаса ҳәм оның мүлки ямаса дәраматларын излеў бойынша мәмлекетлик атқарыўшы тәрепинен нызамда жол қойылатуғын шеңберде көрилген барлық илажлар нәтийжесиз болса, атқарыў жумысын алып барыў даўамында қарыздар ушын белгиленген шеклеўлер қарыздарлық толық қапланғанынан соң бийкар етилиўи тәртиби белгиленбекте.
Буннан тысқары, Салық кодексине де бир қатар өзгерислер киргизилмекте. Атап айтқанда, шахсқа атқарыў жумысын жүргизиўши тәртибинде жүкленген жәриймалар салықлар ямаса жыйымларға кирмейтуғыны, миннетлемелер реестрине киргизилген салық қарызының есабы айрықша жүргизилетуғыны ҳәм бул реестрге киргизилген сәнеден баслап он жыл даўамында төленбеген салық қарызы үмитсиз салық қарызы есапланатуғынына байланыслы өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.
Додалаўларда депутатлар усы нызам жойбарының қабыл етилиўи суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин толық ҳәм сөзсиз орынлаўды тәмийинлеўге, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳүқықларын нәтийжели қорғаўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Муҳтарама Комилова, ӨзА