Шет тилин билетуғын мәмлекетлик хызметкерлерге үстеме төлеў тоқтатылды.

Бул ҳаққында Президенттиң 2024-жыл 25-декабрьдеги ПҚ-455-санлы қарарында келтирилип өтилген.

Шет тилин билетуғын мәмлекетлик хызметкерлерге үстеме төлеў 2022-жылы 1-январьдан басланған еди. Бул тәртип енгизилген ПҚ-5117-санлы қарарда мәмлекетлик хызметкерлер тәрепинен шет тиллерин өзлестириў дәрежесин арттырыў ҳәм мәмлекетлик мәкемелерди жоқары тәжирийбели ҳәм бәсекиге шыдамлы кадрлар менен толықтырыў мақсет етилген.

Онда, атап айтқанда, 2021-жылы 1-июльден баслап мәмлекетлик мәкемелерде билимлендириў шөлкемлери оқытыўшыларын шәртнама тийкарында қосып, ҳәптеде кеминде бир мәрте хызметкерлерди шет тилине оқытыў әмелиятын жолға қойыў, 2022-жылы 1-январьдан баслап шет тиллерден миллий ҳәм халықаралық сертификатқа ийе мәмлекетлик хызметкерлердиң лаўазым айлығына 20 процентке шекем қосымша үстеме төлеў тәртибин жолға қойыў белгиленген еди.

2025-жылы мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызамның орынланыўын тәмийинлеўге байланыслы Президент қарарына бола, 2 жыл әмел еткен жоқарыдағы тәртип бийкар етилмекте.

Сондай-ақ, қарар менен Ташкент Ислам университети питкериўшилерине ҳәм Өзбекстан халықаралық ислам академиясы питкериўшилерине де 20 процентке шекем айлық қосымша ҳақы енди төленбейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги