ӨзЛиДеП Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен “TUTOR” жеке тәртиптеги оқыў курсында партия хызметкерлери, белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында илаж болып өтти.
Онда елимизде соңғы жыллары әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, әсиресе, барлық тараўлар сыяқлы партияның электорат ўәкиллери болған исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.
Экономикамыздың драйвери болған исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған итибар, бүгинги күнде партияның алып барып атырған жумыслары бойынша мәселелер додаланды.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде партия – мәмлекетимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери ўәкиллерин ҳуқықый жақтан қорғаў, қоллап-қуўатлаўды өз алдына мақсет ҳәм ўазыйпа ретинде белгилеп алған.
Партия ағзалары исбилерменлик, фермерлик, сондай-ақ, халық хожалығының барлық тараўларында, илим, билимлендириў, медицина ҳәм басқа да салаларда нәтийжели жумыс алып бармақта.
2023-жылы оқыў орайының ашылғанына көп ўақыт болмай-ақ жумысшылар саны 12 ге жетти. Ашылған ўақытта 2 муғаллим жумыс ислеген. 2023-жылы ашылған ўақтында орайда 102 оқыўшы болған болса, ҳәзирги күнде 200 ден аслам оқыўшы бар. Оқыў қолланбалары ҳәм сабақлықлар рус тилинде. Ҳуқық таныў, инглис тили, рус тили, математика, тарийх, химия, биология пәнлеринен өтилип атырған сабақлар рус тилинде алып барылады.
Илажда партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсиятлаў, ағзалар санын және де көбейтиў мақсетинде усы “TUTOR” жеке тәртиптеги оқыў курсында жумыс алып барып атырған хызметкерлер жаңадан партия ағзалығына қабыл етилди ҳәм оларға партия гүўалықлары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги