Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик елимиз экономикасының тийкарғы буўыны есапланып, бүгинги күни тараўды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Президентимиздиң басламасы менен киши бизнести жүргизиў ушын қолайлы шараят жаратыў, халықты исбилерменликке тартыўға қаратылып атырған итибар нәтийжесинде олардың қатары барған сайын көбейип, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлеслерин қосып келмекте.

Қанлыкөл районындағы Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы тәрепинен «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи тийис» принципи тийкарында тастыйықланған  реже бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, исбилерменлерден келип түскен мүрәжатлар тийисли мәкеме ҳәм шөлкем ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар тәрепинен додаланып, оларды орнында шешиў илажлары көрилмекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 3 октябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары жанында Исбилерменлердиң жәмийетлик кеңеслерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде район ҳәкимлиги менен биргеликте қабыл етилген қоспа қарар тийкарында  қабыллаўхана жанында Исбилерменлердиң жәмийетлик кеңеси шөлкемлестирилди. Кеңес қурамына «KANTEKS INVEST» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Қуўандық Ешмуратов, «Наўрызлы Истам» фермер хожалығының баслығы, районлық Кеңестиң депутаты Камилжан Жуманиязов сыяқлы исбилерменлер, фермерлер, ҳуқықтаныўшылар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери киргизилди.

-Исбилерменлер менен фермерлердиң мәплерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жумысында ушырасып туратуғын бюрократлық тосықларды сапластырыўда мәпдар шөкемлер менен бирге ислесиўди жолға қойыў мақсетинде 2020-жылы O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси менен меморандум дүзилди,-дейди Исбилерменлердиң жәмийетлик кеңеси хаткери Элдар Дәўлетов.-Өткен дәўир даўамында кеңес тәрепинен исбилерменлерден қабыллаўханаға келип түскен 21 мүрәжат көрип шығылды. Оларды сапластырыў бойынша Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигине усыныс киргизилди.Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Қарақалпақстан Республикасындағы Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы жанындағы Исбилерменлердиң жәмийетлик кеңесине киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыўда тосық болып атырған машқалалар бойынша 18 усыныс берилди.

Өткен жыл даўамында райондағы Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасына 79, көшпели қабыллаўларда 80, Cаll-орай арқалы 16, «business.gov.uz» порталы арқалы 1, жәми 176 мүрәжат қабыл етилди. Усы мүрәжатларда көтерилген 179 мәселениң барлығының көрип шығылыўы тәмийинленди. Соннан 156 мүрәжат унамлы шешилди, 23 мәселе бойынша қәнигелер тәрепинен түсиник берилди. Келип түскен мүрәжатлар таллап көрилгенде, 42 мәселе кредит, 25 мәселе жер ажыратыў, 28 мәселе рухсатнама ҳәм лицензия алыў, салыққа байланыслы 10, инфраструктура тармақлары (тәбийғый газ, электр энергия, ишимлик суўы, жол қурылысы) бойынша 8,  COVID-19 бойынша  2 ҳәм 62 си басқа мәселеден ибарат.

Мүрәжатларды жумысшы топар ҳәм Исбилерменлердиң жәмийетлик кеңеси менен биргеликте көрип шығыў системасы жолға қойылған.  Кеңес ағзаларының жәрдеми менен коронавирус пандемиясы дәўиринде ўақтынша тоқтатылған 87 кәрхананың жумысы қайта тикленди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июньдағы «Yoshlar –kelajagimiz» Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша исбилерменлик жумысын баслап атырған 6 жасқа район ҳәкиминиң қарары менен жер орны ажыратып берилди. Сондай-ақ, 3 жас исбилерменниң 700 миллион сум жеңилликли кредит алыўына жәрдем берилди. Нәтийжеде  13 жастың бәнтлиги тәмийинленди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы