Усы жыл 19-январь күни Муҳаммед Ал-Хорезмий атындағы  Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалында «American house» жуўапкершилиги шекленген жәмийети директоры Ф.Раджаббоев пенен  ушырасыў кешеси өткерилди.

Оған филиал студентлери, профессор-оқытыўшылар ҳәм бир қатар тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

Онда филиал директоры, техника илимлериниң докторы Б.Қайыпбергенов шығып сөйлеп, Өзбек-беларусь биргеликтеги   факультетлерине  абитуриентлерди қабыллаў, олардың Өзбекстан ҳәм Беларусь мәмлекетлеринде сапалы билим алыўды шөлкемлестириў, сол арқалы Хорезм ўәлаятындағы  «American house» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен филиал арасында бирге ислесиўди жақсы жолға қойыў мақсетинде  әмелге асырылып атырған жумысларды кең түрде атап өтти.

– Филиалда  сырт елде оқыўды қәлейтуғын абитуриентлердиң талабын қанаатландырыў ушын Қытай Халық Республикасы, сондай-ақ, Дубай қаласындағы жоқары оқыў орынлары менен шәртнама дүзилген, – дейди «American house» жуўапкершилиги шекленген жәмийети директоры Ф.Раджаббоев.

Мағлыўмат ушын, өткен жылы филиалда  Өзбекстан-Беларусь биргеликтеги информация технологиялары факультетине студентлерди қабыллаў имтиханлары өткерилди ҳәм  25 студент қабыл етилди.

Ушырасыў даўамында бир қатар усыныслар қоллап-қуўатланып, шәртнама дүзиўге келисим берилди.

Студент жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги