Өзбекстанда февраль айының ақыры, март айының басында коронавирусқа қарсы вакцинация процеси басланыўы мүмкин. Бул ҳаққында Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети баслығының орынбасары Б.Қурбонов «Замон» информациялық-аналитикалық бағдарламасына берген интервьюсында мәлим еткен, деп жазбақта «Қалампир».

 

Б.Қурбоновтың атап өтиўинше, усы жылдың 8-январь күни Өзбекстан халқының 20 процентине жетерли муғдарда вакцина ушын буйыртпа берилген.

 

«Өзбекстанда иммунизациялық илажларда улыўма халықты қамтып алыў жобаластырылған. Pfizer компаниясы вакцинаны 1-1,5 айда жеткерип берсе, февраль айының ақыры, март айының басында шаншыў жумыслары басланады», – деген Қурбонов.

 

Ҳәзирги ўақытта Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен қолланыўға рухсат берилген АҚШтың Pfizer ҳәм Германияның BioNTech кәрханалары тәрепинен ислеп шығылған вакцинаны Өзбекстанда да шаншыў процесинде пайдаланыў ҳәм пуқараларды емлеў ушын 100 мың дозаға рәсмий түрде буйыртпа берилген.

 

Еслетип өтемиз, буннан алдын Өзбекстан Россияның Гамалея институты тәрепинен ислеп шығарылған («Спутник V») 70 миллион доза вакцинаны сатып алғаны ҳаққында хабар берген едик.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.