Мойнақ районы орайынан 90 километр узақлықта жайласқан «Қазақдәрья» АПЖда Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының Мойнақ районын раўажландырыўда нызамшылықтың орынланыўы бойынша қадағалаў басқармасы тәрепинен жергиликли турғынлардың жасаў шараятларын үйме-үй жүриў арқалы үйрениў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул ҳаққында New Muynak City каналы хабар берди.

Бундай үйрениўлер нәтийжесинде халықты қыйнап киятырған бир неше машқалалар анықланып, унамлы шешим таппақта.

Усы аймақ турғыны Б.Өтениязовтың шаңарағы кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың бири болып, ҳәзирги ўақытта жасаў шараяты төмен екенлиги анықланды. Усы шаңараққа Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы тәрепинен жаңадан турақ жай салып берилетуғын болды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.