Өзбекстан Россияның Гамалея институты тәрепинен ислеп шығарылған 70 миллион доза вакцинаны сатып алады. Бул ҳаққында «Bloomberg» басылымына тийкарланып «Газета.uz» хабар берди, деп жазбақта «Дарё».

 

Атап өтилиўинше, дүнья бойынша улыўма 8,33 миллиард доза вакцина ушын буйыртпа берилген. Бул дүнья халқының ярымын емлеў ушын жеткиликли (вакциналардың айрым түрлери еки мәрте емлеўди талап етеди).

 

Ең көп вакцина бойынша шәртнамаларды Ҳиндстан дүзген. Қубла Азия мәмлекети 2,2 миллиард дозада AstraZeneca/Охфорд, Novavax ҳәм Гамалея вакциналарын сатып алады. Сондай-ақ, Европа Аўқамы 1,4 миллиард доза, АҚШ 1 миллиардтан аслам доза вакцина сатып алыў бойынша келисимлерге ийе.

 

Бул бойынша халықтың санына салыстырғанда вакцина бойынша ең көп қамтып алыў көрсеткиши Канадаға тийисли. 38 миллион халқы болған мәмлекет 214 миллион доза, яғный халқының санына салыстырғанда 303 процентлик қамтып алыў көрсеткиши менен Novavax/Sanofi, Moderna, AstraZeneca/Охфорд, Медиcаго, Pfizer/BioNTech, Johnson & Johnson компанияларының вакциналарын сатып алған.

 

Өзбекстан болса 70 миллион доза (110 процентлик қамтып алыў көрсеткиши) вакцина бойынша келисимге ийе. Шәртнама тек ғана Гамалея менен дүзилген.

 

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми тек ғана Pfizer ҳәм BioNTech компаниялары ислеп шығарған вакциналарды пайдаланыў ушын мақуллаған.

 

Мағлыўмат ушын, Гамалея институты коронавирусқа қарсы «Спутник V» вакцинасын ислеп шығарған. Ҳәзирги ўақытта вакцинадан пайдаланыў Россиядан тысқары Аргентинада мақулланған.

 

Вакцинаның клиникалық сынақлары үшинши басқышының аралық анализ нәтийжелери 92 процент нәтийжелиликти қурайтуғынлығын көрсеткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.