Пайтахтымыздағы «Халықлар дослығы» сарайында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 29 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж шөлкемлестирилди.

Оған Қорғаныў, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, Айрықша жағдайлар министрлиги, Бажыхана хызмети ҳәм тараўға тийисли болған бир қатар структуралардың хызметкерлери, ветеранлар, әскерий академиялар, билим орайларының курсантлары, олардың шаңарақ ағзалары, кең жәмийетшилик ўәкиллери мирәт етилди.

Мәмлекетимиз гимни жаңлады.

Президентимиз, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 29 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен жоллаған байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри, генерал-лейтенант Баҳодир Қурбонов оқып еситтирди.

Тыныш ҳәм абадан турмысымыз, жарқын ҳәм бийғам күнлеримиз әскерлердиң пидайылығы, садықлығы, мәртлигине тиккелей байланыслы болып есапланады. Мәмлекетимизде қорғаныў тараўын түп-тийкарынан реформалаў, оны жеделлик пенен заман талабына сай тәризде жетилистирип барыўға айрықша итибар қаратылмақта. 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында Өзбекстан Республикасының конституциялық дүзими, суверенитети, аймақлық пүтинлигин қорғаў, мәмлекеттиң қорғаныў потенциалын беккемлеў, Қураллы Күшлердиң жаўынгерлик қүдирети ҳәм қәбилетин арттырыў сыяқлы бағдарларда системалы жумыслар алып барылмақта.

Президентимиз, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 29 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен жоллаған байрам қутлықлаўында өткен қысқа дәўирде жаңа Қорғаныў доктринасы қабыл етилгенлиги, әскерий структуралардың қурамы ҳәм ўазыйпалары терең қайта көрип шығылғанлығы, миллий армиямызды заманагөй қурал-жарақ ҳәм техника қураллары менен тәмийинлеў бойынша оғада әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылғанлығы айрықша атап өтилди.

Ҳақыйқатында да, мәмлекетимиздиң тарийхында биринши мәрте өз мәнисине бола айрықша система – әскерий – ҳәкимшилик секторлар шөлкемлестирилди. Бул болса орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын мәмлекетимиз қорғаныў қүдиретин беккемлеўге жедел тартыў ушын имканият берди. «Армия ҳәм халық – бир тән ҳәм, бир жан болып есапланады» деген уллы идеяны әмелде тәмийинлеў жолындағы ҳәрекетлердиң нәтийжесинде бүгинги күнде Өзбекстан Қураллы Күшлери республикамыз ғәрезсизлиги, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын исенимли қорғаўдың шын мәнисиндеги кепили болмақта.

Оғада қурамалы ҳәм сынақлы тәризде мәмлекетимиз, пүткил халқымыз басынан өткен 2020-жылдағы аўыр пандемия дәўиринде де әскерлер коронавирус бәлесин сапластырыў бағдарындағы гүресте алдынғы қатарда болды. Әскерий шыпакерлер наўқаслардың өмири ушын мыңлаған медицина хызметкерлери менен ийинлес болып пидайылық көрсеткен болса, Қорғаныў, Айрықша жағдайлар, Ишки ислер министрликлери, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия системасының ўәкиллери эпидемиологиялық турақлылықты тәмийинлеў, жәмийетлик тәртипти, мийтиндей тәртипти сақлаўға байланыслы ҳәрекетлерде алдында болғанын халқымыз көрип, билип, өзи гүўасы болып турды.

Мәмлекетимиз әскерлериниң пидайылығы, мәртлик ҳәм ерлик үлгиси ел басына және бир аўыр сынақлар түскен ўақытларда – Сырдәрья ҳәм Бухара ўәлаятларындағы кеўилсиз жағдайларда және өзин көрсетти.

Ўатан қорғаўшылары байрамының қутлы әййямы гезип жүрген усы күнлерде көплеген тараў пидайылары ушын жаңа турақ жайлар қурылып, пайдаланыўға тапсырылмақта. Тараў ўәкиллерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде олардың жоқары билим алыўы, социаллық қорғалыўы, ҳәр тәреплеме хошаметлениўи бойынша жаңа имканиятлар жаратылғаны итибарға ылайық болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысының пәрманы тийкарында елимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеў оның қорғаныў қәбилетин және де жоқарылатыў, елимиз қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы пидайылығы ҳәм хақыйқый жанкүйерлиги ушын әскерий бағдардағы бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар, структуралардың ўәкиллери Ўатанымыздың жоқары атақлары, орден ҳәм медальлары менен сыйлықланды. Бул болса өз жанын пидә етиў, ҳадал шын кеўилден исленген мийнет мәмлекетимизде бәрқулла итибарда екениниң және бир айқын дәлили болып есапланады.

– Бул тараўға балалықтан қызығаман, – деди Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң взвод командири, «Жасорат» медалының ийеси Муҳаммадсоли Дўстқулов. – Көпшилик кәсиплеслерим сыяқлы әскерлик әпиўайы кәсип емес, ал ҳүждан ҳәмири, өмир мазмуны, ар-намыс, абырай-мәртебе тымсалына айланған мүқәддес түсиник болып табылады. Өзи туўылып өскен елин, өз халқын, оның ашық аспанын қәстерлеп сақлаў, қәўипсизлигин тәмийинлеў, бизди туўып өсирген усы әзиз Ўатан тәғдирине, оның келешегине жуўапкерлик пенен қараў мақтанышлы миннетимиз болып есапланады.

Залға әскерлер, олардың ата-аналары, өмирлик жолдаслары, перзентлери, туўысқанлары жыйналды. Мәрт әскерлерди көргенде олардың өктемлиги,  беккем ерк-ықрары ҳәр бир инсан оларды көрсе перзентлери солар сыяқлы мәрт, исенимли, батыр болып кәмалға келиўин әрман етиўи анық. Ҳақыйқатында да, мийтиндей тәртипти, Ўатанға мийрим шәпәтти, турмыстың, туўысқанлардың қәдирине жетиўди олардан үйренсек арзыйды.

…Йошлы намалар жаңлайды. Әскерий – ўатансүйиўшилик руўхындағы қосық-намалардың ҳәўижи де, ырғағы да өзгеше. Олар кеўилге қуўат, көтериңкилик бағышлайды. Системадағы көркем өнер топарлары, қосық ҳәм аяқ ойын ансамбльлери, оркестрлардиң рәңбәрең шығыўлары, көркем өнер шеберлери ҳәм атқарыўшы жаслардың қатнасыўындағы музыкалы бағдарлама салтанатлы илажға көтериңкилик, өзгеше байрам кейпиятын бағышлады. Ҳақыйқатында да сақшыларымызды қанша улығласақ, ҳүрмет көрсетсек арзыйды! Салтанат қатнасыўшылары «Тынышлық ушын!» қосығын атқарды. Шынында да, сақшыларымыздың барлық ҳәрекети, өмир-мазмуны елде тынышлық турақлы болыўы ушын бағдарланған.

Салтанатлы илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева, Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов, Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов қатнасты.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы