12-январь күни Президент Шавкат Мирзиёев мәмлекетимиз турмысындағы әҳмийетли ўақыя – Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 29 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни алдында Қураллы Күшлер академиясына барды.

Мәмлекет басшысы оқыў мәкемесиниң жумысын жетилистириў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәм ол жерде жаратылған билимлендириў инфраструктурасының объектлерин, сондай-ақ, Қураллы Күшлеримиздиң заманагөй қурал ҳәм әскерий техника үлгилери және миллий қорғаныў санааты кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер менен танысты.

Соннан кейин Академияда Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасының басшылығында Қураллы Күшлер ҳәм әскерий-ҳәкимшилик секторлар жумысының 2020-жылдағы жуўмақлары және келешектеги тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген мәжилиси болып өтти.

Илажда Қәўипсизлик кеңесиниң ағзалары, Қураллы Күшлердиң басшы ҳәм сәркардалық қурамы, орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшылары және жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин буннан былай да арттырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар, Қураллы Күшлерди раўажландырыў жолындағы ҳәрекетлер ҳәм олардың нәтийжелериниң толық жуўмағы шығарылды. Министрликлер ҳәм уйымлар және орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының бул бағдардағы жумысына сын көзқараста баҳа берилди.

Президентимиз тәрепинен Өзбекстан Республикасын 2017-2021-жылларда раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында, мәмлекет турмысының басқа тәреплери менен бир қатарда, әскерий тараўдың ең әҳмийетли бағдарлары бойынша заман талапларына сай қарарлар қабыл етилгенлиги, әмелге асырылған системалы ҳәм стратегиялық комплексли илажлардың нәтийжесинде қысқа дәўир ишинде миллий армиямыздың жаўынгерлик таярлығы ҳәм улыўма мәмлекеттиң қорғаныў қәбилети сезилерли дәрежеде артқаны атап өтилди.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы Қураллы Күшлерди раўажландырыў ҳәм мәмлекеттиң қорғаныў қәбилетин буннан былай да беккемлеў және бул бағдарда заманагөй мәлимлеме телекоммуникация технологияларын ҳәм алдынғы инновацияларды кеңнен енгизиў бойынша әҳмийетли көрсетпелер берди.

Соның ишинде, барлық дәрежедеги сәркардалық ҳәм басқарыў уйымларының жумысын жетилистириў, әскерлерде автоматластырылған басқарыў қуралларын ҳәм комплекслерди енгизиў арқалы олардың биргеликтеги оперативлик және жаўынгерлик таярлық дәрежесин арттырыў, мәлимлеме ҳәм кибер қәўипсизликти тәмийинлеў перспективадағы әҳмийетли ўазыйпалардан болып қалады.

Әскерий кадарларды таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыў және әскерий илимди раўажландырыў бағдарында Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы тәрепинен әскерий келиспеўшиликлер ҳәм заманагөй урыс әмелиятларын және миллий әскерий өнер тарийхын терең үйренип, әскерлердиң таярлық усылларын және де жетилистириў ўазыйпасы қойылды.

Бунда әскерий билимлендириў системасында басланған реформаларды тығыз даўам еттириў, жоқары әскерий билим орынлары, лицей ҳәм колледжлер, соның ишинде, «Темурбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейлериниң жумысын жетилистириў, оларда билим алып атырған оқыўшылардың жүрегинде миллий руўх, ана Ўатанға меҳир ҳәм садықлық, әдиллик сезимин ҳәр тәреплеме күшейтиў, уллы ата-бабаларымыз, соның ишинде, Жалалиддин Мангуберди, Әмир Темур, Шоҳрух Мирзо, Заҳириддин Муҳаммад Бабур сыяқлы сәркардаларымыздың бай жаўынгерлик өнеринен кеңнен пайдаланыў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, Ташкент қаласында қурылған «Жеңис парки» ҳәм «Даңқ» музейи комплексин әскерий хызметкерлер, елимиздиң халқы, әсиресе жаслар ушын әскерий тарийхты ҳәм уллы ата-бабаларымыздың қаҳарманлығын үйрениў илимий орайына айландырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Бүгинги күнде глобал мәлимлеме орайында қарама-қарсылық, инсан, әсиресе, жас әўладтың санасы ҳәм жүреги ушын гүрестиң күшейиўи шараятында әскерий- ўатансүйиўшилик тәрбиясының роли ҳәм әҳмийети артып бармақта.

Соның ушын мәмлекетимиз басшысы тәрепинен халықтың ҳәм биринши гезекте жаслардың әскерий-ўатансүйиўшилик тәрбиясы системасын жетилистириў, оларды мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар процесине тартыў, интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын көрсетиўге шараят жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиздиң халқын ҳәм жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың пуқаралық позициясын күшейтиўге байланыслы жумысларды «Мәрт жаўынгер – жаслар ушын үлги» сүрени астында және де жеделлестириў, әскерий округлер сәркардалықларына кеминде 10 нан мектепти аталыққа алыў және әскерий бөлим командирлери тәрепинен оларда ўатансүйиўшилик ҳәм әскерий даңқ сабақларын жолға қойыў ўазыйпасы жүкленди.

Қураллы Күшлеримизде жаратылған заманагөй инфраструктурадан пайдаланған ҳалда жәмлеспеген жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў менен бирге, мийнет базарында талап етилетуғын кәсип-өнерге үйретиў бойынша жумысларды шөлкемлестириў ўазыйпасы да қойылды.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы «өз перзентлерин де жоқары ўатансүйиўшилик руўхын қәлиплестире алмаған мәмлекет, қандай қүдиретли қуралға ийе болмасын, қорғаныў қәбилетин беккемлей алмайды», деп атап өтти.

Буннан тысқары мәжилисте мәмлекетлик қорғаныў санааты комплексин және де раўажландырыў, мәмлекетлик шегараларды қорғаў системасын жетилистириў, айрықша жағдайларды прогнозлаў ҳәм мониторинг етиў және авария ҳәм техноген апатшылықлардың алдын алыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша зәрүр тапсырмалар берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев әскерий шаңарақларда мәнаўий – әдеп-икрамлылық орталығын жақсылаў, саламат турмыс тәризи ҳәм балалар тәрбиясына болған көзқарасларды үлгили дәрежеге көтсриў, әскерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў және турақ жай менен тәмийинлеў жумыслары келешекте де әҳмийетли бағдар сыпатында қалатуғынын атап өтти.

Илаж жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Қураллы Күшлерди буннан былай да раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар, биринши гезекте, халқымыздың қәўипсизлиги, тынышлығы ҳәм аманшылығын тәмийинлеўге қаратылған жаңа Өзбекстанды қурыўдың бас талабы екенин атап өтти.

 

ӨзА