Усы жылы 7-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, қала ҳәм районларға бириктирилген министрликлер, мәкемелер ҳәм коммерциялық банклердиң басшылары, штабларға бириктирилген жуўапкерлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов басқарып барды.

Күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Б.Алиханов, усы комитет баслығының орынбасары Б.Матмуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жоқарыда атап өтилген қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша алда турған жуўапкерли ўазыйпаларға  тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиздиң басламасы менен Арал теңизиниң қурыўы нәтийжесинде аймақта жүзеге келген социаллық-экономикалық ҳәм экологиялық машқалаларды сапластырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Елимиздиң басшысы тәрепинен қабыл етилген «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары бул бағдарда әҳмийетли тарийхый ўақыя болды.

Усы қарар тийкарында тастыйықланған бағдарламаның орынланыўы үстинен Парламентлик қадағалаўды шөлкемлестириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша комитети тәрепинен Сенат ағзалары менен биргеликте аймақларда турақлы түрде аналитикалық үйрениўлер алып барылмақта. Онда орынларда тек қадағалаў жумыслары алып барылып қалмастан, исбилерменлер ҳәм белсендилер менен ушырасыўлар өткерилип, анықланған машқалаларды орнында шешиў илажлары көрилмекте. Бунда тийкарғы итибар қарардың орынланыўын тәмийинлеўге, жоқарыда атап өтилген бағдарламаға киргизилген инвестициялық жойбарлардың өз мүддетинде және сапалы питкерилиўине қаратылмақта.

Деген менен, бул бағдарда орын алып атырған кемшиликлер, атап айтқанда, өткен жылы иске түсирилиўи белгиленген  айырым жойбарлардың кешиктирилиўи, кредит қаржыларының ажыратылмаўы, жойбарлардың мүддетиниң созылыўы ҳәм басқа да себеплер сынға алынды.

Айырым жойбарлардың перспективасыз деп табылыўы, олардың орнына усынылатуғын жойбарлардың техникалық ҳәм экономикалық тийкары (инициатордың имканиятлары, қаржыландырыў дәреклери, инфраструктураға ийе екенлиги) ҳәм оларды белгиленген мүддетинде иске түсириў мәселелери сөз етилди. Соның ишинде, быйылғы жылдың биринши шерегинде иске түсирилиўи белгиленген жойбарлардың бүгинги жағдайы бойынша қала ҳәм районларға бириктирилген министрликлер, мәкемелер ҳәм коммерциялық банклердиң басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлери орынбасарларының мәлимлемелери тыңланды. Буннан тысқары, шараяты аўыр деп табылған 45 пуқаралар жыйынында жасаўшы халықтың жасаў шараятларын жақсылаў, аймақларды абаданластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатларының парламентлик қадағалаўды алып барыўдағы жумыслары ҳәр тәреплеме додаланды.

Мәжилисте күн тәртибиндеги көрилген мәселениң орынланыўын тәмийинлеў бойынша қала ҳәм районларға бириктирилген министрликлер, мәкемелер ҳәм коммерциялық банклердиң басшыларының анық ўазыйпалары белгиленип,  атап өтилген машқалаларды сапластырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери