2021-жыл 6-январь  күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он биринши жалпы мәжилиси болып өтти. Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Бул жалпы мәжилистиң жумысы Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери және «O‘zbekiston-24» ҳәм «Uzreport» телеканаллары арқалы тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.

Сенат ағзалары тәрепинен 5 мәселе, соның ишинде, 3 нызам додаланды

Жалпы мәжилисте сенаторлар дәслеп Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Атап өтилгениндей, Президентимиз Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында өткен жылы әмелге асырылған жумыслар, ерисилген нәтийжелер және быйылғы ўазыйпаларға ҳәр тәреплеме тоқтап өтти. Әсиресе, 2020-жылы пандемия ҳәм басқа тәбийғый апатшылықлар себепли жүзеге келген қыйын шараятқа қарамастан, бир қатар халықаралық шөлкемлердиң баҳасына бола Өзбекстанның жәҳән көлеминде унамлы өсиўин сақлап қалған шенде-шен мәмлекетлердиң қатарында орын алғаны әҳмийетке ийе.

Усы мәнисте айтыў мүмкин, Мүрәжатта Президентимиз мәмлекет ҳәм жәмийетти буннан былай да раўажландырыўға байланыслы ең тийкарғы бағдарлар, барлық дәрежедеги мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, атап айтқанда, Олий Мажлис жоқары палатасының бир қатар тийкарғы ўазыйпаларын белгилеп берди.

Мүрәжатта келтирилген илажлардың ҳуқықый тийкарларын жаратып бериў, барлық тараўларда нызам үстинлигин, қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң, әсиресе, бюджет (республикалық ҳәм жергиликли) орынланыўының орынларда сөзсиз әмелге асыўын тәмийинлеў бойынша парламент тәрепинен нәтийжели қадағалаў орнатыў, олардың толық орынланыўына ерисиў тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады.

Атап өтилгениндей, усы ўазыйпалардың орынлардағы орынланыўы Сенаттың тийисли комитетлери, қала берди,  аймақлардағы  ҳәр бир сенатор ҳәм жергиликли Кеңеслердиң дыққат орайында болыўы керек.

Соның ишинде, Балаларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының жумысын нызам дәрежесинде беккемлеў және Балалар омбудсманы ҳаққындағы нызамды ислеп шығыў бойынша жедел жумыс алып барыў зәрүр.

Соның менен бирге, кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында комплексли қатнас жасаў стандарт емес усылларды енгизиўге айрықша итибар қаратыў, Сенаттың тийисли комитети ҳәм Сенат аппаратының жуўапкер структуралық бөлимлери менен биргеликте бул ўазыйпаны әмелге асырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў лазым.

Атап айтқанда, жергиликли Кеңеслердеги депутатлық корпусы менен бирге халықты социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды мәнзилли үйренип барыў мақсетке муўапық.

Және бир тәрепи. Мүрәжатта Мәмлекетлик сатып алыўлар тараўын жетилистириўге айрықша итибар қаратылды. Өз орнында, мәмлекетлик сатып алыўлар үстинен қадағалаўды алып барыўда жәмийетшилик пенен биргеликте ислесиў, оның пикирин инабатқа алыў механизмлерин енгизиў керек. Қала берди, бул сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги менен өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў әҳмийетли. Жуўапкерлердиң есабатларын тыңлаўда Мүрәжатта белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына айрықша итибар қаратыў зәрүр.

Буннан тысқары, мәжилисте Сенаттың Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети парламентлик қадағалаўды жергиликли ҳәм республикалық дәрежеде алып барыўы, соның ишинде, Жоқарғы Кеңес ҳәм Сенат Кенгашинде тыңлаўлар шөлкемлестириў, парламент сораўларын жибериў, орынларда депутатлық ҳәм сенаторлық үйрениўлерди шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, қыйыншылықлардың алдын алыў бойынша Омбудсман ўәкилликлерин кеңейтиў, усы бағдарда жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў бойынша тийисли усыныслар ислеп шығыў, бул бағдардағы үйрениўлер ҳәм таллаўларды буннан былай да күшейтиў үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, усы жылы Суд ҳәкимияты еркинлигин тәмийинлеўге жәрдем бериўши комиссияға басшылық етиў Сенатқа өтеди. Сонлықтан, Комиссияның жумысын буннан былай да күшейтиў ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады.

Қалаберди, Сенаттың тийисли комитети мәмлекетимиз сыртқы сиясатының тийкарғы бағдарларына да айрықша әҳмийет қаратыўы, өзине ўазыйпаларды белгилеп алыўы ҳаққында тоқтап өтилди.

Өткен жылдан баслап халықаралық қатнасықлар бағдарында Сенатта жаңа, яғный Өзбекстаннын сырт мәмлекетлердеги елшилериниң есабатларын тыңлаў әмелияты енгизилген еди. Соннан келип шығып, биринши гезекте усы жылы Өзбекстанның Россия, Қытай, Америка Қурама Штатлары, Түркия, Германия, Франция, Уллы Британия, Қубла Корея, Япония, Ҳиндстан, Пакистан, Бирлескен Араб Әмирликлери елшилериниң жумысы ҳаққындағы есабатларын тыңлаўды шөлкемлестириў зәрүр. Бул мәмлекетлер менен парламентлераралық қатнасықларды раўажландырыў, Өзбекстанға сырт ел инвестицияларын тартыў, туризмди раўажландырыўға байланыслы анық илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў мақсетке муўапық.

Мүрәжатта жергиликли Кеңеслердиң жумысына байланыслы бир қатар мәселелерге де айрықша тоқтап өтилгени, көплеген ўәкилликлер халық ўәкиллерине берилип атырғанлығы атап өтилди.

Сонлықтан жергиликли Кеңеслер усы жылы бүгинги күнге шекем жергиликли мәмлекетлик басқарыў уйымлары басшыларының есабат ҳәм мәлимлемелерин тыңлап барыў, жергиликли бюджеттиң орынланыўына жуўапкершилик пенен қатнас жасаў, ҳәр бир район ҳәм қалада кәмбағаллықты қысқартыў бойынша ислеп шығылатуғын мәнзилли бағдарламаның орынланыўы бойынша есабатты тыңлап, додалап барыў, «темир дәптер», «ҳаяллар дәптери», «жаслар дәптери» бойынша илажлар бағдарламаларының орынланыўына әҳмийетли итибар қаратыў, ҳәр бир депутат өзи сайланған аймақтың халқы, сайлаўшылары менен турақлы сөйлесиўди жолға қойыўы, машқалаларын шешиўге жәрдем бериўи зәрүр екенлигине тоқтап өтилди.

Және бир тәрепи. Мүрәжатта Сенат Баслығы басшылығында Республикалық Ҳаял-қызлар жәмийетшилик кеңесин шөлкемлестириў зәрүрлиги белгиленгенлиги, бул Кеңес мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ҳәм мәмлекетлик басқарыўдағы статусын буннан былай да арттырыўға қаратылған бир система жаратыўға жуўапкер болыўы, Кеңестиң тийкарғы ўазыйпасы жәмийетте ҳаяллардың абырайын арттырыў, олардың машқалаларын пуқта үйрениў, ҳаял-қызларды қыйнап атырған көплеген социаллық-экономикалық машқалаларға әмелий шешим табыў, оларды «темир дәптер» ҳәм «ҳаяллар дәптери»нен шығарыўға жәрдем бериўи билдирилди.

Сенаттың жуўапкер комитети усы ўазыйпалардың нәтийжели әмелге асырылыўы, соның ишинде, Кеңестиң режеси, ўазыйпалары, ислеў тәртиби ҳәм жумыс режелери қәлиплестирилиўин муўапықластырып барыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте Мүрәжаттың мазмун-мәниси, әҳмийетлилигинен келип шығып, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша Сенаттың Ҳәрекетлер бағдарламасын ислеп шығыў мақсетке муўапықлылығы атап өтилди.

Усы мәнисте, Сенат Баслығы орынбасарының басшылығында Жумысшы топар дүзилип, Ҳәрекетлер бағдарламасының жойбарын ислеп шығыў керек екенлиги билдирилди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Кейин ала Сенат ағзалары «Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын додалады.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мәмлекетте нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын әмелге асырыў ҳәм жәмийетте әдилликти орнатыўда әдил судлаў айрықша орын тутатуғынын итибарға алған ҳалда соңғы төрт жылда суд-ҳуқық тараўын түп-тийкарынан реформалаўға қаратылған кең көлемли ҳуқықый-шөлкемлестириўшилик илажлар әмелге асырылды.

Суд-ҳуқық тараўында жыллар даўамында шешим таппаған машқалалы мәселелерди шешиў бағдарында Президентимиздиң оннан аслам пәрман ҳәм қарарлары және парламент тәрепинен әдил судлаўдың сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған үш кодекс жаңадан қабыл етилип, бир қатар нызамларға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Бул Нызам мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық реформаларының логикалық даўамы болып есапланатуғынлығын атап өтиў зәрүр. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-июльдеги «Судлардың жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы суд-ҳуқық реформаларының жаңа басқышын әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарын жаратты.

Усы пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған нызамға тийкарланып суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллигин қайта көрип шығыў тәртибин алдынғы сырт ел тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда жетилистириў, пуқаралар ушын әдил судлаўға ерисиў имканиятларын кеңейтиў мақсетинде суд системасында 2021-жыл 1-январьдан баслап:

ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген пуқаралық ислери бойынша, жынаят ислери бойынша судлар ҳәм экономикалық судлар негизинде судьялардың қатаң қәнигелесиўин сақлап қалған ҳәм суд ислерин жүргизиў түрлери бойынша айрықша судлаў коллегияларын шөлкемлестирген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы улыўма юрисдикциялық судларын шөлкемлестириў;

ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳәм басқа да ғалаба ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислерди көриўде қәнигелестирилген Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлардың орайлары ҳәм Ташкент қаласында районлараралық ҳәкимшилик судларын шөлкемлестириў, усы мүнәсибет пенен район (қала)лық ҳәкимшилик судларын сапластырыў. Бунда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимшилик судлары сақлап қалыныўы нәзерде тутылған.

Усыларға тийкарланып суд системасында шөлкемлестириўшилик – структуралық өзгерислер әмелге асырылып атырғанлығын инабатқа алып, Өзбекстан Республикасы Конститутциясын 107-статьясына тийисли өзгерислер киргизилмекте.

Бул нызамның турмысқа енгизилиўи суд системасын басқарыў мәселелериниң жетилистирилиўи, ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судларды шөлкемлестириўшилик, финанслық ҳәм материаллық-техникалық жақтан тәмийинлеўге ерисиў менен бир қатарда, бәринен бурын, пуқаралардың судпа-суд әўере болып жүриўин сапластырып, олардың машқаласының бир жерде шешилиўиниң имканиятын береди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң «Өзбекстан Республикасының Қала қурылысы кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додалаў орайында болды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўдың заманагөй базар механизмлерин енгизиў, олардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери кепилликлериниң турақлылығын тәмийинлеў және күшейтиў, инвестициялық ҳәм заманагөй технологияларды тартыў бойынша бир қатар илажлар көрилмекте.

Соның менен бирге, қурылыс тараўындағы жумыслардың жағдайын үйрениў бул тараўда реформаларды жедел әмелге асырыўға ҳәм саламат бәсеки орталығын раўажландырыўда машқалалар бар екенлигин көрсетти.

Бул машқалалар қурылыс тараўына инвестицияларды тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, қурылыс тармағы кадрларын профессионал таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыў системасының нәтийжелилигине тосқынлық етип атырғанлығын атап өтиў зәрүр.

Сонлықтан, «Өзбекстан Республикасының Қала қурылысы кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы нызам ислеп шығылған.

Қала қурылысы кодексинде «елатлы пункт», «қала», «поселка» ҳәм «аўыл» объектлер түрлери, «өзбасымшалық пенен қурыў», «урбанизация» түсиниклери, қала қурылысының жумысынада пуқаралардың додалаўға қатнасыўы ҳәм басқа да сөзлерге түсиниклер берилмекте.

Сондай-ақ, Кодексте нормативлик-техникалық ҳүжжетлерди енгизиў ҳәм олардың есабын жүргизиў бойынша жаңа нормалар беккемленбекте. Яғный:

– қала қурылысы жумысы тараўындағы қарарларды додалаўда жәмийетшилик қадағалаўдың қатнасын тәмийинлеў;

– юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге жеткерилген зыянның орны қапланыўының тийкарғы бағдарларын белгилеп беретуғын жаңа норма;

– жумысты бөлип алып ислеў ушын мәмлекетлик шәртнаманы ислеп шығыў ҳәм дүзиў тәртиби ҳәм жумысты бөлип алып ислеў жумыслары қатаң шәртнама тийкарында әмелге асырылыўы;

– қала қурылысының ҳүжжетлерин экспертизадан өткериўде экспертлердиң ҳуқықлары ҳәм жуўапкершилиги көрсетилген.

Өз орнында, бул Кодексте қурылыс материаллары, буйымлары ҳәм конструкцияларына қойылатуғын талаплар көрсетилип, оларға тийкарланып қала қурылысы жумысының финанслық тәмийнаты, қамсызландырыў ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў, соның ишинде, қурылыста қамсызландырыў, сондай-ақ, қала қурылысы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын жуўапкершилик белгиленди.

Сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, усы нормалардың белгилениўи тараўда бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, елатлы пунктлердиң бас режелерин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў және қаланың шегараларын анықлаўдың жаңа нызамшылық тийкарларын жаратады.

Атап айтқанда, қала қурылысының нормалары ҳәм қағыйдалары ислеп шығылыўының тәртиби, мүддетлери ҳәм олардың бағдарларының белгилениўи, бәсекини раўажландырыў арқалы инвестициялық орталығының жақсыланыўы, қала қурылысы тараўына жәмийетшиликтиң кеңнен қатнасыўы, қоршаған орталықтың қорғалыўы ҳәм халықтың денсаўлығын сақлаў, жасаў ҳәм жумыс орталығын қәлиплестириўдиң комплексли шараятларын белгилеўге имканият жарататуғынлығы тәмийинленеди.

Ең тийкарғысы, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң, юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң, соның ишинде, исбилерменлик субъектлериниң мәплерин әмелиятта қолланыў ҳәм қорғаў механизми жаратылады. Елатлы пунктлердиң архитектуралық келбетин жақсылаў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин көтериў имканияты жүзеге келеди.

Бул Кодекс қурылыс жумысын буннан былай да жетилистириўге бағдарланғанлығын  жуўмақ орнында атап өтиў зәрүр.

Сенат ағзалары бул нызамды мақуллады.

Буннан кейин, «Мәдений жумыс ҳәм мәденият шөлкемлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнге шекем мәденият тараўындағы ҳуқықый мүнәсибетлер «Мәдений байлықлардың алып шығылыўы ҳәм алып киргизилиўи ҳаққында»ғы, «Музейлер ҳаққында»ғы, «Мәдений мийрас обьъектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында»ғы нызамлар және Өзбекстан Республикасы Президентиниң бир қатар пәрман ҳәм қарарлары, қалаберди, басқа да көплеген нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлери менен тәртипке салынып киятырған еди.

Мәденият тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў, мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери, дөретиўшилик аўқам ҳәм бирлеспелердиң ҳуқықый статусы, дөретиўшилерди социаллық қорғаўға қаратылған бирден-бир ҳуқықый база жаратылмағаны түрли қарама-қарсылықларға себеп болып атырған еди. Буған жуўап ретинде «Мәдений жумыс ҳәм мәденият шөлкемлери ҳаққында»ғы нызам тараўдағы ҳуқықый бослықты толтырыўға хызмет етеди.

Нызамда мәденият тараўында мәмлекетлик сиясаттың мақсети ҳәм тийкарғы бағдарларын белгилеў, усы бағдардағы ҳуқықый мүнәсибет қатнасыўшыларын анықлаў ҳәм олардың ўәкилликлерин белгилеў, талант ийелери ҳәм мәденият мәкемелериниң ҳуқықый статусын белгилеў, мәденият шөлкемлерин мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, жергиликли өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер менен өз-ара байланыста ҳәм бирге ислесиўин жетилистириў, мәденият тармақларының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм басқа да бир қатар әҳмийетли мәселелер қамтып алынбақта.

Министрлер Кабинети, Мәденият министрлиги Өзбекстан Республикасы Президенти Администрация жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, «Өзбеккино» миллий агентлиги және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары мәдений жумыс тараўындағы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўшы уйымлар сыпатында көрсетилип, олардың ўәкилликлери белгиленбекте.

Нызамның қабыл етилиўи мәденият тараўындағы қатнасықларды ҳуқықый тәртипке салыў нәтийжелилигин артырады және халықаралық ҳуқық нормаларын миллий нызам ҳүжжетлерине имплементациялаўды тәмийинлейди.

Сондай-ақ, халықаралық майданда Өзбекстан Республикасының имиджин арттырыў менен бир қатарда халықлар ҳәм регионлар арасындағы мәдений қатнасықлардың және де раўажланыўы ҳәм беккемлениўине өзиниң унамлы тәсирин көрсетеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилисте Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң қарарлары да тастыйықланды.

Соның менен, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он биринши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Өзбекстан Республикасы

 Олий Мажлиси Сенаты

Мәлимлеме хызмети