МҮНӘСИБЕТ

Президентимиз Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатында пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаў, нызам үстинлигин тәмийнлеў бағдарында әмелге асырылған жумыслар менен бирге алдағы ўазыйпаларға да тоқтап өтти.

Ҳақыйқатында елимизде суд-ҳуқық системасын реофрмалаў, әдил судлаўды тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.  Бул бағдарда соңғы жыллары қабыл етилген бир қатар пәрман ҳәм қарарлар пуқараларымыз ушын және де қолайлық ҳәм имканиятлар жаратыўға хызмет етпекте.

Президетентимиздиң мүрәжатында атап өтилгениндей, әдиллик бул – мәмлекетшиликтиң беккем тырнағы болып есапланады. Әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўде болса суд ҳәкимияты шешиўши орынды ийелейди,-деп тараўға жоқары баҳа берген еди.

Жаңа жылдан баслап пуқаралық, экономикалық ҳәм жынаят ислери бойынша судлардың бир суд сыпатында бирлестирилиўи халқымыз ҳәм исбилерменлерге үлкен қолайлықларды жаратады. Бул тараў хызметкерлерине болса айрықша ўазыйпалар жүклейди. Бунда «бир суд – бир инстанция» принципи суд қарарларының әдил, нызамлы ҳәм турақлылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Биз жаңа жылда да Президентимиз тәрепинен суд-ҳуқық системасына қаратып атырған айрықша итибар және ғамқорлығына жуўап ретинде бар билим және тәжирийбемизди әдил судлаўды тәмийинлеўге, пуқараларымыздың нызамлы мәплери менен ҳуқықларын қорғаўға, ең баслысы, олардың тараўға болған исениминиң артыўына жумсаймыз.

 

 А.САЛИЕВ,

Нөкис районлараралық ҳәкимшилик судының судьясы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги