Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң  2016-жыл 26-февральдағы «2016-2020-жылларда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Өзбекстан Республикасында хызметлер тараўын раўажландырыўдағы төмендеги баслы бағдарлар ҳəм ўазыйпалар белгиленген еди.

Хызметлер тараўын раўажландырыў есабынан жалпы ишки өнимди көбейтиў, оның республикамыздың экономикасындағы үлесин 48,7 процентке шекем жеткериў, аўыллық жерлерде хызметлерди 1,8 есеге арттырыў, инженерлик-коммуникация, жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, тармақларда заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў есабынан хызметлер тараўын, қурамалы өзгерислерди жедел раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў, бәсекилик орталығын қəлиплестириў, киши ҳəм жеке исбилерменлик субъектлерин раўажландырыўға көмеклесиў, сондай-ақ, ҳәр қыйлы инновациялық хызметлерди, жаңа байланыс қуралларын кеңейтиў белгиленген.

– Соның менен бирге, халықтың телекоммуникация тармақларынан пайдаланыў бойынша техникалық имканиятларын тəмийинлеў, олардың тийкарында сапалы хызметлер көрсетиў, телефон байланысы ҳəм телевидениениң санлы системасына толық өтиў,  байланыс ҳəм мәлимлемелестириўдиң республикадағы экономикалық үлесин 2,5 процентке шекем жеткериў, ең жаңа электрон, төлем технологияларын енгизген ҳалда финанслық хызметлерди раўажландырыў, денсаўлықты сақлаў тараўында жоқары технологиялық хызметлерди жəне де раўажландырыў белгиленген,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы хызметлер тараўы статистикасы бөлиминиң баслығы Б.Тажибеков.

Республикамызда 2020-жыл январь-ноябрь айлары жуўмағы менен көрсетилген жәми хызметлердин көлеми  5870,0 млрд. сум болып, өсим пәти 2019-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 105,7 процентти, соннан аўыллық жерлерде 1568,6 млрд. сум, яғный, көрсетилген жәми хызметлердиң 26,7 процентин қурады.

Хызметлер көлеминдеги киши бизнес ҳəм жеке исбилерменлик субъектлериниң үлеси 51,8 процентти қурайды.

Жыл басынан халықтың жан басына  3077,8 мың сумлық  хызметлер  көрсетилген.

Жәми көрсетилген хызметлер көлеминде үлкен үлести төмендеги хызмет түрлери қурайды:

  • Транспорт хызметлери 1526,7 млрд. сум, үлеси  26,0 процент
  • Саўда хызметлери 1359,2 млрд. сум, үлеси  23,2 процент
  • Финанслық хызметлер 1153,9 млрд. сум, үлеси  19,7 процент
  • Байланыс ҳәм мәлимлеме хызметлери 346,4 млрд. сум, үлеси 5,9 процент
  • Билимлендириў тараўындағы хызметлер 352,3  млрд. сум, үлеси 6,0 процент
  • Жеке хызметлер 210,0 млрд. сум, үлеси 3,6 процент
  • Компютерлерди оңлаў бойынша хызметлер 170,9 млрд. сум, үлеси  2,9 процент.

Бул көрсеткишлер хызметлер тараўының экономикада тутқан орны оғада әҳмийетли екенлигин көрсетип турыпты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги