МҒКАда Кадастр агентлиги мәлимлеме хызмети баслығы Н.Атамуратов қатнасыўында болып өткен брифингде жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен шөлкемлестирилетуғын дронлар шоусы ҳаққында мағлыўмат берилди.

 

Атап өтилиўинше, Қарақалпақстан Республикасында жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен дронлар шоусы усы жылдың 9-10-январь күнлери болып өтеди.

 

Дрон ушырыў майданы ҳәм ҳаўа райы талапқа жуўап берсе, шоу 18:00 ден 19:00 ге шекем болып өтиўи жобаластырылған.

 

Мағлыўмат ушын, Ташкент қаласында ушырылған дронлар Кадастр агентлигиниң 25 хызметкери тәрепинен басқарып турылған. Онда 500 дрон жәрдеминде 8 көринис пайда етилген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.