Көпшиликке белгили, соңғы ўақытларда дүньяның көплеген мәмлекетлеринде, әсиресе, Европада коронавирустың жаңа штаммы анықланып, усы кеселликке шатылғанлардың саны күн сайын көбеймекте. Сол себепли Өзбекстан бир неше мәмлекетлер, атап айтқанда, коронавирустың жаңа штаммы пайда болған Уллы Британия менен де авиарейслерди тоқтатты. Хош, бул қәўипли вирустың жаңа штаммы қандай? Ол алдынғысынан неси менен өзгешеленеди? ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Коронавирусқа қарсы гүресиў штабы ағзасы Севара Убайдуллаева бул ҳаққында мағлыўмат берди.

 

Қәнигениң мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта елимизде коронавирус инфекциясы менен бирге жуқпалы болған басқа инфекциялар да қадағалаўға алынған.

 

«Бул көшелерде биймәлел жүриўимиз мүмкин, дегени емес. Себеби, ҳәзир дүньяда да, елимизде де коронавирус инфекциясы толық жоқ болмады. Әсиресе, бул инфекция басқа вируслардан парқлы түрде, тез-тез мутацияға ушырамақта. Атап айтқанда, Уллы Британияда мутацияға ушыраған жаңа штаммы жедел түрде тарқалмақта. Соңғы сутка даўамында дүньяда коронавирус инфекциясы менен наўқасланыўдың 740 221 жаңа жағдайы анықланыўы, ең өкинишлиси, 12 502 наўқастың қайтыс болғаны бизлерди сергекликке шақырыўы керек.

 

Алдын айтып өткенимиздей, жаңа штамм анализлери соннан дәрек береди, мутациядан соң вирустың тажлы белокларында өзгерис болған – булар вирустың адам денеси клеткалары қабығынан өтип, ишке кириўи ушын гилт ўазыйпасын атқарыўшы бөлеги есапланады. Вирус усы тажлар арқалы организм клеткасының жүзи менен контактке кириседи. Ислеп шығылып атырған вакциналар коронавирустың сыртқы қабығы, яғный май кислотасы болған S-белогы қабығына тәсир етеди. Коронавирус мутацияға ушырап, өз генетикалық штаммын өзгертсе де вакциналар оның жаңа штаммларына тәсир етиўи бойынша Уллы Британия ҳәм Россия илимпазлары атап өтпекте», – дейди қәниге.

 

Уллы Британия илимпазларының атап өтиўинше, коронавирустың усы штаммы инфекцияның әдеттеги түрине қарағанда жуқпалылығы 71 процентти қурайды, яғный бирлемши пайда болған коронавирус инфекциясына салыстырғанда оғада жуқпалы есапланады.

 

Сол себепли, усы кеселликтиң кирип келиўиниң алдын алыў мақсетинде 20 дан аслам мәмлекетлер Уллы Британия менен авиарейслерди тоқтатты.

 

«Дүньядағы көплеген мәмлекетлер өз қәлеўи ҳәм имканиятларынан келип шығып басқа мәмлекетлерден кирип келип атырған пуқараларды тексериўден өткермекте. Бул арқалы коронавирус инфекциясы кирип келиўиниң аз да болса алды алынбақта. Бизлерде де ҳәр бир шегара аймақларында, авиарейс ямаса темир жоллар арқалы кирип киятырған пуқаралар тексериўден өткерилмекте.

 

Бул кеселлик тарқалыўының алдын алыўда елимиздеги ҳәр бир пуқараның жуўапкершилиги оғада әҳмийетли. Сол себепли, ең дәслеп, жеке гигиена қағыйдаларына, саламат турмыс тәризине әмел етиў кеселлик тарқалыўының алдын алыўда ҳәм басқаларға жуғыўынан қорғаныўда ең қолайлы усыл болып табылады», – дейди Севара Убайдуллаева.

 

Мағлыўмат ушын, соңғы бир ҳәпте ишинде авиарейслер арқалы сырт еллерден Өзбекстанға кирип келген 21 пуқарада коронавирус анықланған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.