Өзбекстан Республикасы бойлап автомобильлерге газ қуйыў шақапшалары 15:00 ден кейин ислемейди. Бул ҳаққында ӨзР Энергетика министрлиги «Қалампир»ге мәлим еткен.

 

Министрликтиң мәлимлеме хызметиниң билдириўинше, ӨзР Энергетика министриниң орынбасары Б.Норматовтың 04-24-1-санлы факсограммасына муўапық, автомобильлерге газ толтырыў компрессор шақапшаларына 4-январьдан баслап күнгизги саат 15:00 ден азанғы 05:00 ге шекем газ жеткерип бериў тоқтатылады. Бул шеклеўлер пүткил республика бойлап әмел етеди.

 

Бул қарар ҳаўа райының кескин суўытып кеткенлиги себепли халықты, социаллық тараў объектлери ҳәм стратегиялық шөлкемлерди газ бенен тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилген.

 

«Ҳаўа райы жылыўы менен бул шеклеўлер алып тасланады ямаса тәртипке салынады», – деп айтқан министрликтиң рәсмий ўәкили.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.