Жаңа 2021-жыл кирип келди, бирақ елимиз бойлап ҳаўа райы шараятын елеге шекем орайлық Сибирь аймақлары үстинде жайласқан суўық антициклон перифериясы белгилемекте.

 

«Өзгидромет»тиң мәлим етиўинше, жаңа жылдың дәслепки жумыс ҳәптесинде жүдә жоқары басымлы майдан аномал суўық ҳаўа райын жүзеге келтиреди.

 

Түнги мезгилде суўық 5-10 градусқа шекем, Қарақалпақстанда ҳәм шөл аймақларында 12-17 градусқа шекем болады, ҳәптениң ақырына шекем болса күндизги ўақытлары ҳаўаның температурасы 0-5 градус суўықтан өтпейди.

 

Ҳәпте даўамында ҳаўаның температурасы жыллық нормалардан 8-10 градус төмен болады.

 

Айрым орынларға думан түседи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.