Мүнәсибет

Президентимиздиң парламентке жоллаған  Мүрәжатын ғалаба хабар қураллары арқалы үлкен қызығыўшылық пенен тыңладық.

Мүрәжатта 2020-жылы барлық тараўларда әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда жол қойылған кемшиликлер атап өтилди.

Мүрәжатта  Президентимиз тәрепинен 2021-жыл  «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп жәрияланды.

Президентимиздиң Мүрәжаты халқымызда ертеңги күнге болған исенимди  және де бекккемлеў менен бирге бәршемизди ийгиликли мақсетлер жолында өз исимизге жуўапкершилик пенен қатнас жасаўға шақырады, десек асыра айтқан болмаймыз.

Себеби, Мүрәжатта мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында алып барылатуғын баслы мақсетлер және ўазыйпалар, анық усыныслар менен басламалар алға қойылған.

Итибарлы тәрепи 2021-жыл республикамызда ҳәрекет етип турған сиясий партиялар ушын да сиясий жыл. Яғный, Президентлик сайлаў болып өтеди. Бул бағдарда тек сиясий партиялар емес, ал ҳәр бир мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының белсендилигин арттырыў, олардың ўәкилликлерин кеңейтиў кереклиги билдирилди.

Сондай-ақ, Мүрәжатта және бир тараў ўәкиллери – исбилерменлеримизди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға қол-қанат болыў кереклиги айрықша атап өтилди. Әсиресе, исбилерменлеримиздиң өз жумысларын және де раўажландырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жеке мүлктиң қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпаларға айрықша итибар қаратылып,  «Исбилерменлик кодекси»ин ислеп шығыў кереклиги атап өтилди.

Бул усыныс Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының сайлаўалды бағдарламасында да өз көринисин  тапқан.

Бир сөз бенен айтқанда, Мүрәжатта сөз етилген реже ҳәм жойбарлар, белгиленген ўазыйпалар мәмлекетимиздиң экономикасын ҳәм халқымыздың  абаданлығын  тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Камилжон Джуманиязов,

Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесиниң депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги