Қәдирли ўатанласлар!

Әзиз дослар!

Бәршеңизди өзинде уллы мақсет ҳәм ең жақсы нийетлерди жәмлеген, халқымызға өзгеше қуўаныш ҳәм үмит бағышлап, үлкен дөретиўшилик ислерге руўхландырып атырған Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман.

Жуўмақланып атырған жыл дүнья халықлары, соныӊ ишинде ўатанласларымыз ушын да коронавирус инфекциясыныӊ елимизге кириўи ҳәм тарқалыўы, оныӊ ақыбетлери менен байланыслы аўыр ҳәм сынаўлы күнлерди алып келгени ашшы ҳақыйқатлық.

Деген менен, елимизде Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев тәрепинен бир қатар әҳмийетли пәрман ҳәм қарарлардыӊ өз ўақтында қабыл етилиўи, анық ўазыйпалардыӊ белгилениўи, әмелий илажлардыӊ әмелге асырылыўы, қалаберсе, халқымыздың аўызбиршилиги, мийнетсүйгишлиги, пидайылығы себепли елимиздиң социаллық-экономикалық турмысында бир қатар нәтийжелерге ерисилди, десек қәтелеспеймиз.

Буныӊ әмелий көринисин еӊ әўеле, инсанлардыӊ саламатлығын ҳәмде халықты социаллық қорғаў, пандемия себепли дәраматсыз қалған шаӊарақларды қоллап-қуўатлаў, экономика тармақларының үзликсиз ислеўин тәмийинлеў сыяқлы бир қатар бағдарларда әмелге асырылған ийгиликли ислер мысалында ушыратыўымыз мүмкин.

Әсиресе Ҳүрметли Президентимиздиӊ басламасы менен «Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекетиниӊ жолға қойылғаны, «Темир дәптер», «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»ниӊ енгизилгени – инсанлардыӊ аўырын жеӊил етип, оларды социаллық қоллап-қуўатлаўда әҳмийетли орын тутпақта.

Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, бүгин халқымыз тыныш ҳәм татыў турмыста, ертеӊги күнге үлкен исеним ҳәм анық мақсетлер менен келешекке қәдем таслап бармақта.

Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, Ҳүрметли Президентимиздиң              2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстанға сапары даўамында республикамызды социаллық-экономикалық жақтан және де раўажландырыў, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў бойынша белгилеп берген ўазыйпалары үлкен дөретиўшилик ислерге кеӊ жол ашпақта.

Мине, усы тийкарда қабыл етилген арнаўлы қарар бойынша барлық қала ҳәм районларымыздыӊ өзине тән «өсиў ноқат»ларынан келип шығып,            2020-2022-жыллар даўамында улыўма баҳасы 12 триллион 292,7 миллиард сўмлық 1359 жойбарды иске түсириў реже қылынған болса, 2020-2023-жылларда жол-транспорт, инженерлик-коммуникация инфраструктурасы, социаллық тараў объектлери ҳәм басқа да жөнелистеги 1444 объектте 8 триллион 917 миллиард сўмлық қурылыс-оӊлаў жумысларын әмелге асырыў нәзерде тутылмақта. Қарар талапларыныӊ өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў арқалы халқымыз ушын 45 мыӊнан аслам жаӊа жумыс орынларын жаратыў имканияты пайда болмақта.

Әлбетте, бундай кеӊ көлемли жумыслар кеўиллерде мақтаныш сезимлерин оятыў менен бирге, инсанларды елимизде әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге үлес қосыўға руўхландырады.

Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, жуўмақланып атырған жылдың                   29-декабрь күни Ҳүрметли Президентимиздиӊ Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында халқымыз тәғдири ҳәм елимиз келешеги менен байланыслы оғада әҳмийетли мәселелерге итибардыӊ қаратылғаны, кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпалардыӊ белгилениўи бәршемиз ушын үлкен бағдарлама сыпатында хызмет етеди.

Соныӊ ишинде Арал теңизи апатшылығы ақыбетинде жүзеге келген экологиялық машқалалардыӊ тәсирин жумсартыўға бағдарланған ҳәрекетлердиӊ турақлы даўам еттирилетуғыны, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми менен биргеликте дүзилген Аралбойы аймағына инсан қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша көп тәреплеме Траст фонды шеңбериндеги әмелий жумыслардыӊ буннан былай да күшейттирилетуғыны елимиздиӊ жаӊа тарийхынан өшпейтуғын ири ўақыялардан саналады.

 

Қәдирли ўатанласлар!

Кирип киятырған жаңа «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтыӊ саламатлығын беккемлеў» жылы өзинде тағы да жоқары мақсет ҳәм ўазыйпаларды жәмлеп, бәршени уллы ислерге басламақта.

Елимизде басланып атырған Жаңа жылда да халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, әсиресе, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаӊарақларға жәрдем көрсетиў, жасларды ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти жедел раўажландырыў сыяқлы бир қатар мәселелер тийкарғы ўазыйпаларымыздан болып қала береди.

Дөретиўши халқымыз мине усындай жуўапкерли ўазыйпаларды әмелге асырыўға мүнәсип үлес қосатуғынына, елимиздиң тәғдири ҳәм оның келешеги жолындағы саўаплы ислерге белсене қатнасатуғынына беккем исенемиз.

Сизлерди және бир мәрте Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, жумысларыӊызда жайнаған табыслар тилеймен!

Илайым, кирип киятырған Жаңа жылда халқымыздың несийбеси молдан келип, ҳәр бир инсанға, ҳәр бир шаңараққа бахыт, қуўаныш, шадлық ҳәм дәўлет алып келсин!

Жаңа жылыңыз бәршеңизге қутлы мүбәрек болсын, әзиз ўатанласлар!

 

М.КАМАЛОВ,
Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы