Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2020-жыл 29-декабрь күни Олий Мажлиске гезектеги Мүрәжатын жоллады.

Пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында болып өткен илажда Олий Мажлис Сенатының ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары, мәмлекетлик шөлкемлердиң басшылары, жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Мүрәжат 15 телеканал арқалы жанлы эфирде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлеринде онлайн жарытып барылды.

Мәмлекетимиздиң сиясий турмысындағы ең әҳмийетли ўақыя болған бул илаж 2017-жылдан берли дәстүрий түрде өткерип келинбекте. Онда жуўмақланып атырған жылдағы тийкарғы көрсеткишлер, жаңа жылға мөлшерленген мақсет ҳәм ўазыйпалар жәрияланады. Соның ушын халқымыз бул илажды үлкен қызығыўшылық пенен күтеди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев бул ретки Мүрәжат өткен жыллардан өзгеше түрде қыйын дәўирге туўра келгенин атап өтти. 2020-жылы коронавирус пандемиясы пүткил инсаниятты аўыр сынақтан өткерди. Бундай көлемдеги апатшылық дүньяда соңғы жүз жылда жүз бермегени, қанша инсанлар қурбан болып, миллионлаған жумыс орынларының жоғалтылғаны, мәмлекетлердиң экономикасының үлкен қыйыншылықларға ушырағаны атап өтилди.

Тилекке қарсы, бул апатшылық пүткил инсаният қатарында халқымыз ушын да күтилмеген тәшўиш ҳәм қурамалы машқалаларды келтирип шығарды. Бухара ҳәм Сардобада жүз берген тәбийғый және техноген апатшылықлар да ел-журтымыздың бүгилмейтуғын ерк-ықрарын және бир рет сынақтан өткерди.

Халқымыз бул сынақлар алдында албыраўшылыққа түспеди, пидәкерлик мийнети ҳәм мәртлиги, халық ҳәм мәмлекетлик уйымлардың аўызбиршиликли ис-ҳәрекетлери себепли барлық қыйыншылықларды мәрдана жеңип өтпекте.

Мәмлекетимиз басшысы пандемияның биринши күнлеринен баслап пүткил басқарыў системасы айрықша ис режимине өткерилгенин, қысқа мүддетте пандемия ақыбетлерин жумсартыўға және сапластырыўға қаратылған комплексли илажлар ислеп шығылып, әмелге асырылғанын атап өтти.

Соның ишинде, Кризиске қарсы қоры шөлкемлестирилип, «Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекети шеңберинде өз ўақтында көрилген жедел ҳәм системалы илажлар нәтийжесинде усы кеселликтиң кең тарқалыўына жол қойылмады. Елимизде тыныш турмыс тәмийинленип, турақлы экономикалық раўажланыў даўам етип атырғаны атап өтилди.

Президентимиз карантин талапларына әмел етип жасаған ҳәм мийнет еткен уллы халқымызға, оғада қәўипли вирус пенен күни-түни мәртлерше гүрескен жанкүйер шыпакерлерге, қыйын ўақытларда жәрдемге мүтәж халыққа көмек берген исбилерменлерге, сырт елдеги бирге ислесиўшилерге миннетдаршылық билдирди.

Бизге белгили, Президентимиздиң усынысы менен 2020-жыл елимизде Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы деп жәрияланған еди. Бул бағдардағы Мәмлекетлик бағдарламаға муўапық, жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша барлық тараўларда реформалар исенимли даўам еттирилди.

Соның ишинде, быйылғы сынақларға қарамастан, Өзбекстан дүньяның санаўлы мәмлекетлери қатарында унамлы өсиў пәтлерин сақлап қалды.

Мүражатта мәмлекетимиз басшысы буған айрықша тоқтап өтти.

Быйылғы жылда мәмлекетимизде 197 ири, мыңлаған киши ҳәм орта кәрханалар, инфраструктура объектлери қурылды. Тек ғана энергетика тараўында сырт елли инвесторлар менен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында улыўма қуўатлылығы 2 мың 700 мегаватт болған 6 жаңа электр станциясын қурыў басланды. Ташкент қаласында 2 жаңа метро станциясы, 18 километрлик жер үсти метросы пайдаланыўға тапсырылды.

Аўыл хожалығында терең реформалар әмелге асырылды. Соның нәтийжесинде, пандемия дәўиринде 1 миллиард долларлық мийўе-овощ экспорт етилди. Исбилерменлик жумысы кеңнен қоллап-қуўатланды.

2020-жыл халықты социаллық қорғаў бағдарында түпкиликли бурылыс жылы болды. Кәмбағаллықты қысқартыў бойынша кең көлемли жумыслар басланды. Барлық район ҳәм қалаларда, ҳәр бир мәҳәлледе жәрдемге зәрүр шаңарақлар, ҳаяллар ҳәм жаслар менен мәнзилли ислесиў бойынша пүткиллей жаңа система енгизилди.

Мәмлекетимизде инсан ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, экономиканы либералластырыў бағдарындағы жумыслар үзликсиз алып барылды. Өзбекстан 2020-жылы БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесине ағза болып сайланғаны, жақында АҚШ мәмлекетлик департаменти тәрепинен диний еркинлик тараўындағы «арнаўлы бақлаўдағы мәмлекетлер» дизиминен шығарылғаны да кең көлемли демократиялық реформалардың нәтийжеси болып табылады.

Өзбекстан «Ашық мағлыўматларды бақлаў» халықаралық индексинде 125 текшеге көтерилип, 44-орынды ийеледи. «Экономикалық еркинлик» рейтингинде де мәмлекетимиздиң 26 текшеге көтерилгени реформаларымыздың халықаралық майдандағы және бир тән алыныўы болды.

Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал экономикалық кризиске қарамастан, Өзбекстан ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясатты жедел алып бармақта. Халықаралық майдандағы исенимли ис-ҳәрекетлери себепли дүнья жәмийетшилигинде елимиздиң абырай-мәртебеси ҳәм орны барған сайын жоқарыламақта.

Ҳәр қашанғыдай, Мүрәжаттың ең толқынландырыўшы бөлеги жаңа жылға атама берилиўи болды. Мәмлекетимиз басшысы жаңа Өзбекстанда Үшинши Ренассанс тырнағын билимли ҳәм дөретиўши жаслар менен биргеликте қурыў, әне усы әҳмийетли бағдарларда баслаған ислерди даўам еттириў ҳәм жаңа, жоқары басқышқа көтериў мақсетинде, кирип киятырған 2021-жылға мәмлекетимизде Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы, деп атама бериўди усыныс етти. Президентимиздиң бул усынысы илаж қатнасыўшылары тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланды.

2021-жылы Ўатанымыз ғәрезсизлигине 30 жыл толады. Бул тарийхый сәнени «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» деген ийгиликли идея тийкарында белгилеў бойынша кең көлемли таярлық ислери баслап жиберилди.

Бүгин келеси жыл ушын реже ҳәм бағдарламаларымызды анық белгилеп алар екенбиз, ғәрезсизлик жылларында ерискен табысларымызды және де беккемлеп, ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы тараўларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратамыз, деди мәмлекетимиз басшысы.

Жас әўладты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, халықтың саламатлығын сақлаў ҳәм беккемлеў, мәмлекетимизди және де раўажландырыўға қаратылған ең әҳмийетли ўазыйпалар, ишки ҳәм сыртқы сиясатқа байланыслы тийкарғы бағдарлар белгиленди.

Жаңа жылда және де үлкен мобилизациялық руўхта ислеўимизге туўра келеди. Турмыс алдымызға және қанша сынақ ҳәм машқалаларды қойыўы мүмкин ҳәм биз ҳәр қандай жағдайға таяр турыўымыз зәрүр. Бирақ қаншелли қыйын ҳәм қурамалы болса да, демократиялық реформалар жолынан ҳеш қашан артқа қайтпаймыз, деди Шавкат Мирзиёев.

Мүрәжат соңында ел-журтымыз ҳәзирги аўыр шараятта барлық сынақ ҳәм қыйыншылықлардан және де күшли ҳәм ерк-ықрарлы болып шығып атырғаны атап өтилди. Ҳеш гүмансыз, өз күши ҳәм имканиятларына болған исеним халқымызды Үшинши Ренессанс тырнағын жаратыўдай ийгиликли мақсет жолында бирлестирди. Бул умтылыслар халқымызды үлкен әмелий ислерге, жаңа жылда және де уллы шеклерди қолға киргизиўге руўхландырады.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзА ның хабаршысы